Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы байрамы қарсаңында бир қатар тараў белсендилери ҳүрметли атақ, сыйлық ийелерине айланып, ҳүрмет-иззетлерге бөленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде байрам мүнәсибети менен кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев cыйлықланғанларды Fәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Байрам мүнәсибети менен, өзиниң пидәкерлик мийнети арқалы халқымыздың ийгилиги жолында аянбай хызмет етип киятырған бир топар ўатанласларымызға мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды.
Өткерилген сыйлықлаў мәресиминде, жәмийетимизде мәҳәллениң орны ҳәм ролин раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумысларды әмелге асырыўда пидайылық көрсеткен бир топар мәҳәлле баслықлары (ақсақаллары), белсендилери, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшыларына да «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисин тапсырыў мәресими өткерилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Атап өтилгениндей, елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеўде, оны раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжели болыўында елимиздиң көплеген пидайы инсанлары бар күш-жигерин жумсамақта.
Халықтың аўызбиршилигин сақлаўда, жасларды дурыс жолға салып тәрбиялаўда, ҳаял-қызлардың ҳәм жаслардың машқалаларын үйрениўде ҳәм шешим табыўда, барлық жақсы ҳәм жаман күнлеринде халық пенен бирге болып, олардың барлық тәшўишлеринен хабардар болыўда, қәте-кемшиликлерди ойласып бирге шешиўде мәҳәллениң орны айрықша.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевқа Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов тәрепинен «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси тапсырылды.
Илажда басқа да бир қатар белсендилерге «Маҳалла ифтихори» көкирек белгилери тапсырылды.
Сондай-ақ, «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисин алған 35 пуқараға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен «Навбаҳор» санаториясында 10 күн бийпул дем алыў мүмкиншилигин беретуғын жоллама, ең кем мийнет ҳақының 4 есеси муғарында бир мәртелик ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
– Аймағымызда 612 хожалықта үш мыңнан аслам ҳәр қыйлы миллеттиң ўәкиллери аўызбиршиликли түрде жасамақта,-дейди Қоңырат районындағы Тарақлы мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Амангелди Нурманов. – Ҳәзирги ўақытта аймақты абаданластырыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып, 2 километрге шамалас жолға асфальт төселип, көплеген көшелер тегисленди. Таза ишимлик суўы қубырлары тартылды.
Мәҳәллемиздеги пуқаралардың аўызбиршилигин, татыўлығын тәмийинлеў, жынаятшылықлар менен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте турақлы түрде үгит-нәсият илажларының әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2020-жылы жети, 2021-жылы үш жынаят жүз берип, усындай жағдайлардың жылдан-жылға азайыўына ерисилип, быйыл ҳеш қандай жынаят жүз бермеди.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, турмысын жақсылаў, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, басқалардың жәрдемине мүтәж инсанларға ғамқорлық көрсетиў бағдарында да тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Азғана болса да мийнетимиз баҳаланып, «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси менен сыйлықлап, ҳүрмет-иззет көрсетилип атырғаны ушын миннетдармыз.
Бар күш-жигеримизди елимиздиң тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын жумсаўдан шаршамаймыз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги