Тоталитарлық дүзим дәўиринде ана жеримизде мыңлаған гүнасыз инсанлардың өмири зая болғанын, қаншадан-қанша шаңарақлар ўайран болып, нәрестелер жетим қалғанын тарийх, ҳәзирги күн ҳәм келешек әўлад ҳеш қашан умытпайды.

Президент Шавкат Мирзиёев 31-август күни ерте таңда Шейитлер естелиги қыябанына барды.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, нураныйлар репрессия қурбанларын еслеў ушын жыйналды. Қуран оқылып, өткенлер руўхына пәтия етилди. Халыққа ас берилди.

Ўатанымыз пидайыларын усы Ғәрезсизлик байрамы күнлеринде еслеўде үлкен мәни бар. Бул халыққа хызмет ҳеш қашан умытылмайтуғынын, ел-халық азатлығы ҳәм тынышлығы қәдирин және бир мәрте сезиндиреди.

2001-жылдан берли 31-август «Репрессия қурбанларын еслеў күни» сыпатында белгиленип келинбекте. Жадид бабаларымыздың руўхларын шад етиў, өмири ҳәм мийрасын үйрениўге қаратылған жумыслар даўам еттирилмекте. Өткен жылы «Репрессия қурбанлары естелиги» музейи реконструкцияланған еди. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда оның филиаллары ашылды.

Быйыл музейде жадид студентлер Германияға оқыўға жиберилгениниң 100 жыллығына бағышланған экспозиция шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы музейге кирип, усы көргизбе менен танысты.

-Бул жерге ҳәр сапары келип, итибар бериўимиз бийкарғы емес. Ғәрезсизликке ерисиў аңсат болмаған. Еркинлигимизге 31 жыл болғаны менен бабаларымыз 100 жыллар алдын оған ҳәрекет еткен. 100 мың ўатанласымыз репрессияға ушырап, 13 мыңы аяўсыз атып тасланған. Не ушын? Олар ең үлкен қаҳарманларымыз, миллеттиң ғәзийнеси болған. 2-3 тил билген. Ўатанымызды азат етип, раўажланыўға алып шығыўын билген. Бул жерде мисли солардың ҳаўазлары еситилгендей болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усылар ҳаққында айтып, Президентимиз Қураны кәримдеги аятты еске алды. «Оли Имрон» сүресиниң 169-аятында: «Алла жолында қурбан болғанларды өли, деп есапламаң, олар тири, Алла таала алдында рысқысын алмақта» деп айтып өтилген.

Халқымыздың азатлығы, ҳақыйқатлық ҳәм әдалат жолында өз жанын пидә еткен шейит ата-бабаларымыздың естелиги де бәрқулла мәңги жасайды.

Мәмлекетимиз басшысы еле бул тарийх ақырына шекем үйренилмегени, репрессия қурбанларын анықлаў ҳәм естелигин тиклеў бойынша изленислерди даўам еттириў керек екенлигин атап өтти.

-Пүткил дүньяда бир пәрше қағаз болса да, қанша қаржы кетсе де, өзбек миллетине тийисли ҳүжжетлерди табың, деп тапсырма берген едим,-деди Президент. -Кейинги жыллары және қанша репрессия қурбанлары анықланды. Әдалат көзқарасынан қаҳарман бабаларымыздың атларын тиклеп атырмыз. Өткен бир жыл ишинде Өзбекстан Жоқары суды тәрепинен 235 мине усындай ўатанласымыз ақланды. Жадид бабаларымыздың атында музейлер, мектеплер шөлкемлестирип атырмыз. Ташкенттиң орайында Абдулла Қадирий мектебин қурып, естелигин орнаттық. Не ушын? Адамлар өткенди көриўи, «мен кимлердиң әўладыман» деп ойлаўы, шығармаларын билиўи керек. Ямаса Шолпанды тиклеў қандай қыйын болды? Бүгин биз төменге түсиңлер, халықтың ишине барыңлар, деп атырмыз, халықтан күш алып атырмыз. Шолпан да мине, усындай деген. Бундай ийгиликли жумысларды тоқтатпаўымыз керек. Жаңа китаплар, фильмлер шығарыў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы бул жолда изленип атырған мийнеткеш илимпазларға, зыялыларға миннетдаршылық билдирди. Жадидлердиң өмири ҳәм шығармаларын телевидение ҳәм социаллық тармақлар арқалы жасларға жеткериў, мектеп сабақлықларында бул темаға кең орын бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өзбекстан халықаралық ислам академиясында мәрипатшыл бабаларымыздың руўхый мийрасын үйрениў бойынша кафедра шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Ҳәммемизге белгили, езиўши дүзим тек ғана жадидлерди жоқ етиў менен шекленип қалмаған. Өткен әсирдиң 80-жылларында мыңлаған ўатанласларымыз ҳәр қыйлы жалғанлар менен қамаққа алынған, хорланған.

-Бүгин де жолда ойланып киятырман. 30-жылларды ески тарийх десе, «пахта иси»-не?! Жетекшилеримизди репрессия етиў ушын жалған айыплаўлар ойлап шығарды. Басқа республикаларда жоқпа еди кемшилик? Бундай қайғылы ўақыяларды ҳеш қашан умытып болмайды. Ҳәзиргидей байрамларда, тыныш-татыў күнлерде соларды да кеўлимизден өткерип, жасларымызға жеткериўимиз керек,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Дүнья тыныш емес екенлиги, бундай жағдайда қырағы ҳәм аўыр басық болыў керек екенлиги атап өтилди.

-Көрип турсызлар, дүньяда бәсеки, қәўип-қәтерлер күшейип бармақта. Қәўип жанымызда жүрипти. Оған таяр болыў ушын ҳәмийше қырағы болыў зәрүр. Ҳәзирги емин-еркин өмиримизге шүкиршилик айтыў менен бирге ертеңги күнимизди беккемлеўимиз керек. Қашан беккем етемиз? Билимли болсақ. Егер бабаларымыздың уллылығынан руўхланып, ҳәр бир тараў бойынша билимлендириўди жетик етсек, ең раўажланған мәмлекеттен кемис жеримиз жоқ. Балаларымызды зор оқытсақ, нәтийже биз күткеннен де жақсы болады. Ғәрезсизлигимиз турақлы ҳәм мәңги болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Қыябандағы рәмзий қәбир жанында да Қуран оқылды. Алладан өткенлерге рахмет, елимизге тынышлық ҳәм абаданлық тилеп пәтия етилди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев «Жаңа Өзбекстан» бағына барып, Ғәрезсизлик монументине гүлшеңбер қойды.

Бул комплекс 2021-жылы, ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған еди. Онда мәмлекетимиздиң әййемги тарийхынан баслап ҳәзирги күнге шекемги ең әҳмийетли ўақыялар, уллы алым ҳәм батыр бабаларымыздың тулғалары сәўлелендирилген. Монументтиң ең жоқары бөлиминде Қумай қусы сүўретленген.

«Ғәрезсизлик монументи-ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм батыр, тынышлықты сүйиўши ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыздың ҳүрметине қурылған уллы естелик» деген еди Шавкат Мирзиёев.

Мәресимде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, Ташкент қаласы жәмийетшилигиниң ўәкиллери де қатнасып, монументке гүллер қойды.

 

ӨзА