Ассалаўма әлейкум,

Ҳүрметли дослар!

Қәдирли Ўатанласлар!

Еӊ дәслеп, усы үлкен минберде турып Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еӊ уллы ҳәм еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсизлер!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Өзлериңиз жақсы билесизлер, Ғәрезсизлик байрамы ҳәр жылы пүткил елимиз бойлап       өзгеше қуўаныш, айрықша салтанат пенен белгиленип келмекте.

Себеби, елимизде  инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, жасларымыз бенен ҳаял-қызларымызды, нуранийларымыз ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, халқымыздыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, олардың турмыс дәрежеси менен сапасын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы мәселелер мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады.

Мине, быйылғы жылы да бул байрам ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық барлық аймақларда «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» деген терең мазмунлы идея астында өткерилмекте.

Солай екен, халқымызға тән болған мийрим-шәпәәтлилик, шүкиршилик, кеӊпейиллик, инсаныйлық пазыйлетлерин, миллетлераралық дослық ҳәм елимиз тынышлығын қәстерлеп сақлаў бул ҳәр биримиздиң ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз саналады.

Қәдирли дослар!

Ҳәммеӊиз жақсы билесизлер, гүллән халқымыз ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған ҳәр бир сапарын елимизге келген үлкен бахыт, мол берекет ҳәм шексиз дәўлет сыпатында айрықша қуўаныш пенен қарсы алмақта.

Кеше ғана, яғный усы жылдың 26-август күни Президентимиз Қарақалпақстанға келип, депутатлар, белсендилер ҳәм халқымыз бенен ушырасыўлар өткерди.

Ушырасыўлар барысында бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпаларды жүклеў менен бирге, халқымыз тарийхында бурын болмаған көплеген имканиятларды жаратып берди.

Атап айтатуғын болсақ, Қарақалпақстандағы жас исбилерменлерге 7 жылға шекем мүддетли жеңиллетилген шәртлерде ссудалар ажыратыўды жолға қойыў, тек ғана Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларына өз алдына 6 500 қабыллаў квоталарын енгизиў, экология, аўыл хожалығы, ирригация, қурылыс тараўларында таяныш докторантурада қосымша кадрлар таярлаў, 15-сентябрьден баслап пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқараларға темир жол ҳәм авиабилетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликти тиклеў, 2025-жылға шекем қосымша қун салығы бойынша режеден арттырып орынланған түсимлерди Қарақалпақстан бюджетинде қалдырыў бақша, мектеп ҳәм медицина мекемелериниң қурылысына келеси бес жылда қосымша 5 триллион сум ажыратыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Буннан тысқары,  «Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеў» автомобиль жолының Төрткүл, Беруний, Елликқала районларынан өтетуғын бөлегин реконструкциялаўға 160 миллион доллар тартыў, оңланыўы зәрүр болған 1  500 километр суў тармақларын, 150 ден аслам қудық, насос ҳәм суў станцияларын оңлаў, Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларының орайларында ақаба суў тармақларын қурыў, қала ҳәм районлардағы ишки жолларды оңлаў участкаларын шөлкемлестириў, бес жыл мүддетке тек ғана қарақалпақстанлы исбилерменлерге экспорт өнимлерин ислеп шығарыў ушын сатып алынған шийки затларды мәмлекетимиз бойлап тасыўда 70 процент транспорт қәрежетлерин қаплап бериў системасын жолға қойыў, аймақ ушын пайда салығының ставкасын 15 проценттен 7 ярым процентке түсириў, айланба салық ставкасын Нөкис қаласында 4 проценттен 2 процентке, районларда 2 проценттен 1 процентке, алыс аймақларда болса 1 проценттен 0,5 процентке төменлетиў, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге азайтыў, усы жылы шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын режедеги 650 миллиард сўмға қосымша 200 миллиард сум ажыратыў, Кегейли ҳәм Хожели районларында Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириў,  Қараөзекте мыс ислеп шығарыў, Қоңыратта жаңа каустикалық сода ҳәм басқа да химиялық өнимлер ислеп шығарыў заводларын қурыў сыяқлы ири жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен 34 мәҳәллениң инфраструктурасын раўажландырыў ушын Өзбекстан Республикасы бюджетинен 68 млрд. сўмнан аслам қаржы ажыратылмақта.

Бүгинги күнге шекем тек ғана Нөкис қаласының өзинде Жаңабазар, Әмиўдәрья,  Жуўазшы, Телеорай, Қоскөл, Боз аўыл сыяқлы  15 мәкан пуқаралар жыйынында кең көлемли абаданластырыў жумыслары жүргизилип, халқымыздың турмыс шараятлары жақсыланып бармақта.

Усылар менен бир қатарда, 230 километрден аслам ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылды.

Және бир қуўанышлы ўақыялардың бири – бул жәми 868 квартиралы 20 көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы баслап жиберилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Қарақалпақстанда исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны және де раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыў бойынша ҳүрметли Президентимиздиң пәрманы жойбары таярланбақта.

Халқымызға деген бундай жоқары итибары ҳәм ғамхорлығы ушын пүткил халқымыз атынан ҳүрметли Президентимизге терең миннетдаршылық билдиремиз!

Әзиз дослар!

Елимизде жүз берип атырған усындай өзгерислер менен жаӊаланыўларға, раўажланыўларға үлес қосыў, халқымыз ийгилиги жолында хызмет етиў, миллетлераралық татыўлықты, дослық қатнасықларын беккемлеў, ең тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты сақлаў, оның қәдирине жетиў, Президентимиздиӊ халқымызға деген ғамхорлығына әмелий ис пенен жуўап бериў бул ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болып есапланады.

Сизлерди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиӊ 31 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлайман.

Елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық ийгиликли ислериңиз оңынан келе берсин деймиз!