Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-август күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери усы күнлери мәмлекетимизде кең түрде белгиленип атырған ғәрезсизлик байрамлары мүнәсибети менен бир-бирин шын кеўилден қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының избе-из беккемленип, еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жылдың басынан өз-ара саўда көлеми 30 процентке артты. Жедел аймақлараралық алмасыўлар даўам етпекте, санаат кооперациясы бойынша биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта, транспорт байланыслары кеңеймекте. Әҳмийетли мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте.

Сөйлесиў ўақтында Мәмлекетлик шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин усы жыл сентябрь айында өткериўге келисип алынды.

Транспорт ҳәм энергетика тараўларында регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы инфраструктуралық жойбарларды, соның ишинде, «Қамбарата-1» ГЭСин қурыў жойбарын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, Орайлық Азияда бирге ислесиўди беккемлеў және ШБШның болажақ Самарқанд саммити күн тәртибин додалады.

ӨзА