Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-август күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан Беларусь басшысы мәмлекетимиз жетекшисин ҳәм көп миллетли халқымызды жақынласып киятырған Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады. Өзбекстанға тынышлық-парахатшылық, турақлы раўажланыў тиледи.

Өзбекстан Президенти, өз гезегинде, Беларусь Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм әмелий шериклик жойбарларын алға қойыў мәселелери додаланды.

Тәреплер жоқары дәрежедеги келисимлердиң әмелге асырылыўы себепли Өзбекстан-Беларусь қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгенин атап өтти.

Өткен жылы товар алмасыў 44 процентке, усы жылдың жети айында болса және 12 процентке артты. Өткен ҳәптеде Минск қаласында қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси табыслы өткерилди.

Экономиканың түрли тармақларына байланыслы ислеп шығылып атырған ири кооперация жойбарларын жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Мәмлекет басшылары жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын даўам еттириў керек екенин атап өтти.

Регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, усы жылы сентябрь айында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммитин өткериў бойынша пикир алысылды.

ӨзА