Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында балалар ушын ҳинд халық ертеги тийкарында сахналастырылған «Алтын туяқлы кийик» спектакли қойып берилди.
Ҳинд халық ертеги тийкарында жазылған бул шығармада балаларды жақсылық ҳәм жаманлықтың парқын билиўге, ийгиликли ислерге жетелеўге шақырыў менен бирге ҳийле менен ҳеш қашан жақсылыққа ерисиў мүмкин емеслиги сәўлелендирилген.
Спектакльде ўақыя тийкарынан тоғай ҳәм сарайда болып өтеди, кишкене баланың ҳайўанларға болған меҳир-муҳаббаты себепли кийиктиң балаға садықлығы ҳәм исеними артады. Бала алтынға өш Ражаның ҳийлесинен кийикти азат етип, бир-бирине садық дос болады. Ашкөз Ража болса алтынларға көмилип, астында мәңги қалып кетеди.
Сахна декорацияларының шырайлы безелиўи, музыка ҳәм қосықлардың үйлесиўи спектакльди көркем дәрежеге келтирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери