«Талибан» ҳәрекети Пакистанды АҚШтың ушыўшысыз өзи ушар қурылмалары Аўғанстан ҳаўа кеңисликлерине усы мәмлекеттиң аймағынан ушып өтип атырғанында айыплады.

Аўғанстан қорғаныў министри ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Муҳаммад Ёқуб әне сол ҳаққында билдириў берди. Ол сондай-ақ, Пакистанды өзиниң аймағын Аўғанстанға қарсы пайдаланбаўға шақырды.

Буннан алдын талибанлар ўәкили Америка дронлары Аўғанстан аймағында ҳәрекет етип атырғанын айтып, бул, мәмлекет ҳаўа кеңисликлерин бузыў екени ҳаққында билдирген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги