Қарақалпақстан дегенде Ўатанымыздың арқа батысы, Әмиўдәрья бойы ҳәм Арал теңизиниң қубла жағаларындағы бийдай атызлары, шексиз саҳралар, қалаберди, глобаллық экологиялық машқала аймағында жасап атырған ҳақ кеўил, мийнеткеш, кеңпейил инсанлар көз алдымызға келеди.

Басқа аймақлар менен салыстыратуғын болсақ, бул теберик жерге мәмлекетимиз басшысы жоқары итибар қаратпақта. Атап айтқанда, усы жылы 26-август күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиеёв өткен дәўирден берли үшинши ретки сапары менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз тысқары 34-сессиясында қатнасқаны ғалаба хабар қуралларында да сәўлелендирилди.

Сессия бәринен бурын, Президентимиз Қарақалпақстанда дерлик шерек әсирден берли жыйналып қалған машқалаларды бул рет усы ел менен мәсләҳәтлесип, ийинлес турып шешимин таўып, орынланыўын кепиллеў ушын 31 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенин айрықша атап өтти.

Ҳақыйқатында да алты жыл, Қарақалпақстанда инфраструктураны раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қарарлар, жол карталары «Инсан қәдири ушын» принципине тийкарланып енгизилип атырған көлемли дөретиўшилик жумыслар социаллық-экономикалық реформаларда нәтийже көрсетпекте. Тек ғана Мойнақ мысалындағы дөретиўшиликлер, абаданластырыўлар тымсалында аўыллар, қала ҳәм районлардың көз көрип танымайтуғын дәрежеде келбетиниң жаңаланғанына гүўамыз.

Избе-из енгизилип атырған экономикалық реформалар нәтийжесинде исбилерменлердиң саны 2 есеге артқаны себепли 13 аймаққа салыстырғанда мәмлекет инвестициясының сезилерли бөлеги өткен дәўирде Қарақалпақстанға қаратылып, ҳәзирги ўақытта 4,5 мың инвестициялық жойбарлар иске қосылған, бул ҳәрекетлер қарақалпақстанлылардың бәнтлигин тәмийинлеўге, турмысын абаданластырыўға тийкар болды.

Бул пикирлеримизге, сессияда Президентимиздиң «Тек ғана усы жылы февральдағы еткен сапарым шеңберинде аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын 1,5 триллион сумм қаржы ажыраттық», деген сөзлери бийкарлап болмайтуғын дәлийл десек, алжаспаған боламыз.

Сонлықтан да, өткен бес жыллықта Қарақалпақстанда душшы суў тәмийнаты 40 проценттен 68 процентке, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң қамтып алыўы 32 проценттен 76 процентке ҳәм халықтың дәраматлары жан басына еки есеге артты.

Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, тилекке қарсы, қаншадан-қанша ажыратылып атырған инвестициялар ҳәм айрықша итибарға қарамастан айырым социаллық өткир машқалалар қарақалпақ халқының кейпиятына унамсыз тәсир етип атырғаны сыр емес. Соның ишинде, электр тәмийнатындағы үзилислер, ишимлик суўының жетиспеўшилиги ҳәм баҳаның турақлылығының сақлап қалынбағаны сыяқлы себеплер унамсыз факторлардан. Бундай себеп ҳәм ақыбетлерде айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына бармақ арасынан қарайтуғынын сын көзқарастан баҳалап: «Себеби бул жердеги айырым әдалатсыз, ҳадал емес басшылар «халықты разы етиў» деген жақсы түсиникти еле аңлап жетпеген», деди Президент.

Сессияда Шавкат Мирзиёев усы жылдағы июль ўақыяларына айрықша тоқтап, жүзеге келген тәртипсизликлерде айырым басшылардың көре тура немқурайдылығының бар екенин айтып: «Тилекке қарсы, айырым басшылар халқымызға ҳадал хызмет етиўдиң орнына абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған қаржыларды нәтийжесиз жумсаў, жаратып берилген имканиятларды иске қоспаў, ел ушын жанын берип жумыс ислемеў жағдайларына жол қойып келмекте», деди күйинип.

Сессияда Ақсақаллар кеңесиниң қарарына муўапық Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымына усыныс етилген Аманбай Тлеўбаевич Орынбаевтың кандидатурасын көрип шығыў усынысы берилип, Қарақалпақстанды жаңаша раўажланыўға баслаў, машқалаларды түп тамыры менен сапластырыў, жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланған ҳалда жедел реформаларды әмелге асырыў ҳәм халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў зәрүр екени атап өтилди.

Буннан кейин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине басшы етип қойылған талабан Аманбай Орынбаевтың Қарақалпақстанды жаңа басқышта раўажландырыў ушын кең көлемли режелерине сүйенип сораған инвестициясы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ажыратылатуғыны билдирилди.

Аймақта жедел пәтлерде шаңарақлық исбилерменлик, аграр сектор, санаат ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына субсидиялар ажыратыў, әсиресе, билимлендириўдиң сапасын арттырыўды тәмийинлеў ҳәм жаслар бағдарындағы машқалаларды шешиў бойынша усынысларын қоллап-қуўатлады. Аман Орынбаевтың перспективалы усыныслары бойынша қосымша жеңилликлер бериў ҳаққында жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди. Соның ишинде, Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде аймақ ушын пайда салық ставкасын 15 проценттен 7,5 процентке түсириў, мүлк ҳәм жер салық ставкаларын 2 есеге азайтыў сыяқлы көплеген тармақлар бойынша қарар жойбарына жеңилликлер киргизиў мақулланды.

Қызғын руўхта өткен сессияда Қарақалпақстанда усы жылы шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын режедеги 650 миллиард сумға қосымша түрде 200 миллиард сум ажыратылыўы, аграр тараўда жылдың ақырына шекем 6 мың 620 гектар, келеси жылы 6 мың гектар пахта ҳәм ғәлле жерлерди қысқартып, халыққа ижараға бериўге рухсат берилди. Суўғарылатуғын майданларға егин қәрежетлери ушын ажыратылған фермерлерге 200 миллиард сум ҳәм дийқанларға 50 миллиард сум, суў тәмийнатын жақсылаў ушын 15 миллион сумға шекем субсидия ажыратыў ҳәм басқа да финанслық жәрдемлер тастыйықланды.

Сондай-ақ, санаат жойбарларын көбейтиў мақсетинде Инвесторларға жәрдем орайын шөлкемлестириў, Орай жанында Нөкис қаласындағы 10 гектар жер майданында Санаат технопаркин қурыў, Кегейли ҳәм Хожели районларында Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын жолға қойыўға көрсетпе берилди.

Кеңесте бес жыл мүддетке тек ғана Қарақалпақстан исбилерменлерине экспорт ушын шийки затларды тасыўда (Өзбекстан аймағында) 70 процент транспорт қәрежетлерин қаплап бериў, Қараөзекте мыс ислеп шығарыў, Қоңыратта жаңа каустикалық сода ҳәм басқа да химиялық элементлер ислеп шығарыў заводларын қурыў сыяқлы ири жойбарлар басламасы алға қойылды.

Халқымызда жол қурыў саўаплы ис, деген нақыл бар. Жоллар қурылысы халықтың алысын жақын, аўырын жеңил етиў, пәтиясына ийе болыўдан тысқары, интеграция ҳәм инфраструктураны раўажландырыўға тийкарғы қураллардан бири болып хызмет ететуғыны сөзсиз. Қарақалпақстанда инфраструктураны раўажландырыўдағы машқалаларды шешиўди гөзлеп Президент «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан өткен бөлегин реконструкциялаў ушын 160 миллион доллар тартыўға рухсат бергени, бул – үлкен имканиятлар мәнзилине қарай жүриў дегени.

Бүгин Қарақалпақстанда ыссылық тәмийнаты ҳәм жасаў ушын зәрүр болған талапларды өз ўақтында тәмийинлеў оғада әҳмийетли екенин атап өтиў керек. Усы көзқарастан мәмлекетимиз басшысы социаллық қорғаў реестрине кирген шаңарақларға көмир, суйылтырылған газ, азық-аўқат ҳәм басқа да турмыслық зәрүр талаплар ушын 600 мың сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратыў, 15-сентябрьден баслап аймақта туўма имканияты шекленген ҳәм жеңилликке ийе болыў мүмкин болған қарақалпақлыларға темир жол, авиабилетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликти тиклеўди айтты. 2025-жылға шекем қосымша қун салығы бойынша режеден артып орынлаған түсимлерди Қарақалпақстан бюджетинде қалдырыўды да қарар етти.

Ҳәр қашанғыдай ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев билимлендириўге айрықша итибар қаратып, бақша, мектеп ҳәм билимлендириў мәкемелериниң қурылысына келеси бес жылда қосымша 5 триллион сум ажыратыў бойынша тапсырма берди.

Буннан тысқары, Қарақалпақстанда халық ушын жеке тәртиптеги турақ жай қурыў мақсетинде жер участкасын бериў бойынша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылар екен, «Дурыс, бул әмелиятқа шек қойғанбыз ҳәм басқа да аймақларда бундай имканият жоқ. Бирақ, Қарақалпақстан халқының мүрәжатларын есапқа алып, бурынғысынан өзгеше тәризде бериўге таярман», деди Президент.

Усы жылы 22-август күни Президентимиздиң исбилерменлер менен өткерген ашық форматтағы сәўбети Қарақалпақстандағы жас исбилерменлер ушын да үлкен имканиятлар есигин ашып берген еди. Сессияда мәмлекетимиз басшысының исбилерменлик темасына және тоқтаўы қарақалпақстанлы жас исбилерменлерге 7 жылға шекемги мүддетке жеңиллетилген шәртлер тийкарында ссудалар ажыратыўға тийкар болды, жасларын үлкен мақсетлерди әмелге асырыўына түртки болды.

Японларда бир сөз бар, «Перзент тәрбиясы аналардың ийелеген кәсиби ҳәм алған билим дәрежесине байланыслы». Сөз мәниси сонда, егер ҳаял-қызлар ғалабалық билимлендириўге тартылып, кәсип-өнерге үйретилсе, әлбетте, олар тәрбиялап атырған әўлад ертең мәмлекеттиң раўажланыўына ҳәр тәреплеме мүнәсип хызмет ете алады. Сессияда әсиресе, ҳаял-қызларды шет тиллер ҳәм IТ тараўына оқытыў курсларын шөлкемлестириў, бундай инновациялық жедел раўажланыў ушын имканиятларды жумсаў бағдарындағы әмелий жумыслар бәршени бирдей қуўантты.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў ҳәм кәсип-өнер тараўларына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда жасларды қоллап-қуўатлаў ушын Қоңырат, Нөкис ҳәм Шымбай районларында 4 «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларын шөлкемлестириў ҳәм тек ғана қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларына өз алдына 6,5 мың қабыллаў квоталарының енгизилиўи усыныс етилди. Қарақалпақстандағы мүтәжликтен келип шығып, экология, аўыл хожалығы, ирригация, қурылыс тараўларында таяныш докторантурада қосымша кадрлар таярлаўды жолға қойыўға тапсырма берилгени болса, жыйналғанлардың кеўлинде үлкен миннетдаршылық сезимлерин оятты.

Усы тәризде ҳүрметли Президентимиз Жоқарғы Кеңестиң жаңа Баслығына мүрәжат етип, «Аманбай Орынбаев әдиллик, садықлық, ҳадаллық, жуўапкершилик, интакерлик ҳәм пидәкерликти өз жумысының ең әҳмийетли өлшемлери сыпатында белгилеп алып, сайланған лаўазымында Қарақалпақстан халқына шын кеўилден хызмет етиўи ҳәм өзине билдирилген исенимди ақлаўы керек», деди.

Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанға өзлери таңлаған талабанды басшы етип тайынлаўды қоллап-қуўатлап, биргеликте бир күш болып Қарақалпақстанда үлкен реформалардың басланыўы, бундай унамлы өзгерислерди қарақалпақ халқы сезиўи керек екенин, ескише пикирлеў ҳәм жумыс ислеў менен Қарақалпақстанда ислеп болмайтуғынын айрықша атап өтти. «… Қуда қәлесе, турмыстың ҳәр қандай сынақ ҳәм машақатларына шыдап, ертеңги күнге үлкен исеним менен жасап атырған мәрт ҳәм сабырлы Қарақалпақстан халқының аўырын жеңил етиўге қаратылған бул ийгиликли ҳәм саўаплы жумысларды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз», деп қосымша етти.

Мәмлекетимиз басшысы Жоқарғы Кеңестиң сессиясынан шығып, адамлардың турмысы менен жақыннан танысыў, олардың жасаў тәризин және бир мәрте көзден өткериў, керек болса, дәртин тыңлаў мақсетинде Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья мәҳәллесине барды. Ол жерде жасап атырған нураний ата-апалар ҳәм мәҳәлле халқы менен жүзбе-жүз ушырасты, халықтың турмыс тәризиндеги машқалалар ҳәм жаңалықларды реал бақлады.

Жуўмақлап айтқанда, қарақалпақстанлыларға жаңа басшы менен жаңаша өмир нәпесиниң кирип келиўи, оларды қыйнап киятырған машқалалар күш-жигер менен аңсат шешилетуғынына, ҳәр бир пуқараның арзыў-нийетлериниң қоллап-қуўатланатуғынына мәмлекетимиз басшысы үлкен исеним билдирди.

Қоңыратбай Шарипов,

Ташкент мәмлекетлик экономика

университетиниң ректоры, профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги