Нөкис қаласында 26-август күни Қарақалпақстан Репсубликасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз төртинши сессиясы болып өтти.
Оны Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Атабек Давлетов алып барды. Сессияның секретариаты сайланып, күн тәртиби тастыйықланды. Онда еки мәселе көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов денсаўлығына байланыслы ўәкилгин мүддетинен алдын тоқтатыў бойынша арза менен мүрәжат еткен.
Бул мәселе даўысқа қойылды ҳәм Қарақалпақстан Респуликасы Конституциясының 83-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камаловтың ўәкиллик мүддетин алдын ала тоқтатыў ҳәм ийелеп турған лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў мәселеси де көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасының нызамшылығына муўапық, бул лаўазымға талабан депутатлардан ибарат Ақсақаллар кеңеси тәрепинен усынылады. Сонлықтан Ақсақаллар кеңеси дүзилди.
Кеңес ағзалары мәсләҳәтлесип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Орынбаев Аманбай Тлеубаевичтиң кандидатурасын усынды.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде Президент сыпатында алты жыл даўамында басқа аймақларға салыстырғанда ең көп, яғный тоғыз мәрте Қарақалпақстанға келип, бул жердеги ақсақаллар, исбилерменлер, жаслар ўәкиллери менен көплеген сәўбетлесиўлер өткергенин атап өтти.
Усы дәўирде Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыўға қаратылған 31 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Аймақта исбилерменлик субъектлериниң саны 2 есеге артты, дерлик 4,5 мың инвестициялық жойбарлар иске түсирилди.
Қарақалпақстанда ишимлик суўы тәмийнаты 40 проценттен 68 процентке, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў дәрежеси 32 проценттен 76 процентке, халықтың дәраматлары жан басына 2 есеге артты. 2017-2021-жылларда 26 мың 400 турақ жай қурылды.
Бирақ сонша ҳәрекетлерге, Қарақалпақстанға ажыратылып атырған үлкен қаржыларға қарамастан, ишимлик суўы, ишки жоллар, электр тәмийнаты, жумыссызлық, баҳа сыяқлы мәселелерде машқалалар сақланып атырғаны сынға алынды.
Мәмлекетимиз басшысы талабанды лаўазымға тастыйықлаўдан бурын оның машқалаларды шешиў ҳәм аймақты раўажландырыў бойынша режелерин тыңлаўды усыныс етти.
Талабан Қарақалпақстанда исбилерменликти, аграр тараўды ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, санаат жойбарларын көбейтиў, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысларын билдирди.
Президентимиз бул усынысларды мақуллап, оларды әмелге асырыў ушын тек ғана Қарақалпақстан ушын пайда салығы, айланба салық, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге қысқартыўға көрсетпе берди.
– Мейли, қаржы бюджетке түспесин, шаңарақларға түссин, – деди Шавкат Мирзиёев
Пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартып, ҳәр бир шаңараққа 2 гектардан жер ажыратыў, Нөкис қаласында санаат технопарки ҳәм районларда исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириў, жолларды оңлаў, электр, газ ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.
Президент Шавкат Мирзиёев Аманбай Орынбаевтың басшылық қәбилетин, ўатансүйгишлигин ҳәм адамгершилик пазыйлетлерин есапқа алып, оның кандидатурасына өзиниң келисимин билдирди.
– Сизиң бирден-бир ўазыйпаңыз – халықты разы етиў. Ҳәр бир район, аўылларға кирип барып, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жоқарғы Кеңес депутатлары, жәмийетшилик ўәкиллери шығып сөйлеп, талабанды қоллап-қуўатлады.
Есап-санақ комиссиясы дүзилди. Жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Аманбай Орынбаев сайланды.
– Мине жоқары исеним, үлкен үмитлер менен жаңа Баслық сайладық, – деди Президент. – Енди ол әдиллик, садықлық, жуўапкершилик ҳәм тәртип-интизамды өз жумысына өлшем етип алыўы керек. Халқымыз кеңпейил. Ўатан жалғыз! Бирлессек ғана алдымызға қойған үлкен-үлкен шеклерге, әлбетте, ерисемиз.
Соның менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясы жуўмақланды.
Сессиядан соң Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья мәҳәллесин барып көрди.
Бул жерде 6 мыңнан зыят халық жасайды. 2 санаат кәрханасы, 20 дан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында адамлар жумыс пенен бәнт.
Жақында мәҳәлледе ишки жоллар, тәбийғый газ ҳәм электр тармақлары оңланды. Дөгерек-әтирап абаданластырылды. Мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң көриниси жаңаланып, шараятлары жақсыланды.
Бул мектептиң ҳәўлисинде мәҳәлле белсендилери, нуранийлар менен шын жүректен сәўбетлесиў болды.
– Мен Президент сыпатында басқа да аймақларға салыстырғанда ең көп Қарақалпақстанға келиппен. Биринши қәдемлеримизден төменге түссек, бирлессек, ҳәрекет етсек, өзгерис етиўге болатуғынын түсиндик. Кейинги жылларда Қарақалпақстанда үлкен жаңаланыўлар болды. Ишимлик суўы тәмийинаты жақсыланды, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў артты. Көплеген турақ жайлар қурылды. Бундай өзгерислерди сизлердиң мәҳәллеңизде де көрип, қуўандым, – деди Шавкат Мирзиёев.
Нуранийлар июльде жүз берген ўақыялар үлкен қәте болғанын, айырым жаслар алжасқанын айтты. Әсирлер даўамында қарақалпақ ҳәм өзбек бир тән бир жан болып кеткенин атап өтип, халқымызға тынышлық-аманлық сорап дуўа етти.
– Әлбетте, бул бәршемизди қатты тәшиўишке салды. Бул ҳәдийселер Қарақалпақстан халқының тилеги емес еди. Қарақалпақ елиниң ҳүжданы пәк. Халқымыз «ет пенен тырнақ». Илайым, бундай кеўилсизликлер енди болмасын, елимиз тыныш, аўызбиршилигимиз мәңги болсын, – деди Президент.
Усының менен мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары жуўмақланды.
ӨзА