Президент Шавкат Мирзиёев Аманбай Орынбаевтың басшылық қәбилети, ўатансүйиўшилигин ҳәм адамгершилик пазыйлетлерин, сондай-ақ, аймақты раўажландырыў бағдарындағы усынысларын есапқа алып, оның кандидатурасына өз келисимин билдирди.
Жоқарғы Кеңес депутатлары, жәмийетшилик ўәкиллери шығып сөйлеп, талабан ҳаққында пикир билдирди.
Буннан кейин, Жоқарғы Кеңес Баслығын сайлаў мәселеси даўысқа қойылды. Жасырын даўыс бериў жолы менен Аманбай Орынбаев бир аўыздан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына сайланды.
Президентимиз Жоқарғы Кеңестиң жаңа Баслығына мүрәжат етип, «Аманбай Орынбаев әдиллик, садықлық, ҳадаллық, жуўапкершилик, интәкерлик ҳәм пидайылықты өз жумысының еҳ әҳмийетли нормалары сыпатында белгилеп алып, сайланған лаўазымында Қарақалпақстан халқына шын кеўилден хызмет етиўи ҳәм өзине билдирилген исенимди ақлаўы керек», деди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги