– Қарақалпақстандағы жас исбилерменлерге 7 жылға шекем мүддетли жеңиллетилген шәртлерде ссудалар ажыратыўды жолға қойыў;

–  бос турған мәмлекетлик объектлерде жаслар ҳәм ҳаял-қызларды шет тиллер ҳәм IТ тараўына оқытыў курсларын шөлкемлестириў имканиятын жаратыў, бул объектлерди исбилерменлерге 5 жылға шекем бийпул пайдаланыўға бериў;

– Қоңырат, Нөкис ҳәм Шымбай районларында 4 «Жумысқа мәрҳамат» моно-орайларын шөлкемлестириў;

– тек ғана Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларына өз алдына 6,5 мың қабыллаў квоталарын енгизиў;

– Қарақалпақстандағы мүтәжликлерден келип шығып, экология, аўыл хожалығы, ирригация, қурылыс тараўларында таяныш докторантурада қосымша кадрлар таярлаўды жолға қойыўға тапсырма берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги