ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен райондағы Найманкөл аўыл пуқаралар жыйынында «ӨзЛиДеП ҳәм мәҳәллениң бирге ислесиўи – исбилерменликти раўажландырыў факторы» атамасында илаж өткерилди.
Илаж шеңберинде қатнасыўшыларға мәҳәлледеги қыйтақ жерлеринен пайдаланып атырған шаңарақ ийелери менен сәўбетлесиў өткерилип, олардың жумыслары үйренилди.
Найманкөлдиң аўыл хожалығы тийкарынан дийқаншылыққа, мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген. Мәҳәлле турғынлары да өзлерине тийисли қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланып келмекте.
Усы мәҳәлледе жасаўшы Ендирбай Султановтың үй алды қыйтақ жери көзден өткерилди. Оның жери 25 сотихты қурайды. Шаңарақ ийеси биринши өнимде қыяр, помидор, болгар бурышын алған болса, екинши өнимге гүз гешир, корейс капустасы ҳәм пияз еккен екен. Буннан басқа, бағы да бар.
Илажда азғана жеринен үлкен дәрамат таўып атырған қыйтақ жер ийелериниң жумыслары үйренилип, жетистирилген өним ең дәслеп өз шаңарағының дастурханын толтырып турғаны, аўысқаны базарға шығарылып, шаңарақтың бюджетине де үлес қосылып атырғаны турмыслық тәжирийбе мысалында атап өтилди.
Ушырасыў қатнасыўшылары исбилерменлик көнликпелери бойынша өз тәжирийбелерин бөлисип, пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги