Мүнәсибет

Быйыл 22-август күни Президентимиз Ш.Мирзиёев екинши мәрте исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиў өткерди.

Бул ушырасыўда тараўдағы машқалалар менен ўазыйпалар додаланды.

Бизнес ўәкиллериниң усыныслары менен басламалары үйренилип, жаңа шешимлер көрсетилди. Исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қарарлар қабыл етилди.

Ушырасыўда Президентимиз тәрепинен ҳәкимлер мүлк ҳуқықына байланыслы қарарларды бийкарлаўына жол қойылмайды, биринши рет қәтелик еткен киши бизнес ўәкиллери жазаланбайды, саўда-санаат палатасы түп-тийкарынан өзгереди, 2023-жылдың 1-январынан баслап қосымша қун салығының ставкасы 12 поцентке түсириледи, деген усыныслар билдирилди.

Республикамыз Президенти тәрепинен ушырасыўда тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бойынша 5 бағдардағы басламаларын билдирип өтти.

Мәмлекетимиз басшысының заманымыздың исбилерменлерине қарата ушырасыў басында айтқан «мен сизлерге бийпул адвокатпан», деген сөзлери исбилерменлерди оғада қуўантты. Себеби, исбилерменлерге тосқынлық етип атырған басшыларға шара көрилетуғынлығы айтылды.

Президентимиз ушырасыўда «Өзбекстанға хызмет көрсеткен исбилермен» атағын енгизиўди усыныс етти. Бул атақ көплеген жумыс орынларын жаратқан, бизнестиң жаңа бағдарларын жолға қойған, өз тараўында инновация ҳәм реформаларды әмелге асырған ҳәм халық арасында абырай тапқан бизнес ўәкиллерине берилетуғынлығы айтылды.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменлерге қаратылып атырған үлкен итибар, жеңилликлер бизнес ўәкиллери ушын үлкен имканиятлар есигин ашады. Елимизде исбилерменлердиң қатары кеңейип барар екен, жаңаланып атырған Өзбекстанымыз және де гүллеп-жаснай береди.

Рахима Юлдашева,

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги