Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен таярланған статистикалық мағлыўматлар рәсмий статистикалық мағлыўмат сыпатында жәрияланады.

Быйыл 6 ай даўамында республикамыздың сыртқы саўда айланысының муғдары 303,6 миллион АҚШ долларына жеткен. Оның 188,8 миллион долларлық муғдарын экспортлық, ал, 114,8 миллион долларлық муғдарын импортлық операциялар қурайды.

– Сыртқы саўда айланысының сальдосы 74 миллион АҚШ доллары муғдарында,-дейди статистика басқармасының сыртқы экономикалық байланыс ҳәм саўда  статистикасы бөлиминиң бас қәнигеси Айзада Мамутова.

Республика сыртқы саўда айланысында ең үлкен үлести Қытай Халық Республикасы ийелейди. 2022-жылдың январь-июнь айларында 89,2 миллион АҚШ доллары муғдарында сыртқы саўда операциялары әмелге асырылған. Соның ишинде, экпортлық операциялар 46,4 миллион, импортлық операциялар 42,8 миллион доллар муғдарында.

Сондай-ақ, усы дәўирдеги республикамыздың сыртқы саўда айланысында Россия, Түркия, Қазақстан ҳәм Латвия мәмлекетлериниң де үлеси көп.

Химиялық өнимлер 71,2 процентлик муғдары менен экспорт қурамындағы ең үлкен үлеске ийе. Ал, азық-аўқат өнимлери 10,3 процентти қурайды. Импорт етилетуғын өнимлердиң тийкарғы бөлегин болса машина, әсбап-үскенелер ҳәм басқа өнимлер қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги