Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сәўбети даўам етпекте.

– Бизлерде қурылысшы, мәденият, билимлендириў сыяқлы тараў ўәкиллери ушын ҳүрметли атақлар бар. Бирақ, Жаңа Өзбекстан тийкарын жаратыўға ең үлкен үлес қосып киятырған мийнеткеш исбилерменлердиң итибардан шетте қалғаны әдилликтен емес.

Сол себепли, көп жумыс орынларын жаратқан, бизнестиң жаңа бағдарларын жолға қойған, өз тараўында инновация ҳәм реформалар ислеген және ел-журт арасында абырайға ийе болған бизнес ўәкиллерин мүнәсип тән алыў ушын «Өзбекстанда хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын шөлкемлестириўди усыныс етемен, – деди Президент ашықтан-ашық сөйлесиўде.

ӨзА