Әскерий дизимге мәжбүр украиналы ҳаял-қызлар 1-октябрьден әскерий есапқа алыныўы керек, бирақ дизимнен өтпегенлерге дәрҳал жаза илажы қолланылмайды, деп жазады «Униан» Украина Жоқары Радасы Миллий қәўипсизлик комитетиниң депутаты Фёдор Вениславскийге таянып.
«Гәп қәнигеликлери әскерий хызметке байланыслылар дизимине кириўши Украина пуқаралары ҳаққында болмақта. Дизимнен өтпеген ҳаял-қызларға аўыр жаза илажлары дәрҳал қолланылмайды», делинеди агентлик баянатында.
Бурын Украина әскерлери Басштабы ҳаял-қызлар тек келисим менен ғана әскерий есапқа қойылатуғыны ҳаққында хабар берген еди.
ӨзА