Түркия ҳәм Украина Президентлери Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Владимир Зеленский және Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Львовда үш тәреплеме ушырасыўда Украинадағы урысты тоқтатыўдың мүмкин болған жолларын додалады. Бул ҳаққында «Анадолу» агентлиги хабар береди.
«Үш тәреплеме ушырасыўдағы бас тема кризис қалай жуўмақланыўы мүмкин екени ҳаққында болды», деди Эрдоған журналистлер менен сәўбетте. Ол урыс дипломатиялық сөйлесиўлер жолы менен жуўмақланыўы кереклигине исеним билдирди.
Сондай-ақ, Түркия жетекшиси халықаралық жәмийетшиликти Украинадағы кризисти шешиў ушын көбирек ҳәрекет етиўге шақырды. Өз гезегинде Анқара Россия ҳәм Украина урысып атырған тәреплер арасындағы сөйлесиўлердиң Стамбул процесин қайта тиклеўде жәрдем бериўге таяр екенин қосымша етти.
Украина Сыртқы ислер министри Дмитрий Кулеба «Львовтағы ушырасыўда дән коридоры, Запорожье атом станциясы ҳәм украиналы тутқынларды босатыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды», деп мағлыўмат берди.
Оның пикиринше, «көп машқалаларды дипломатия жолы менен шешиў Зеленский, Эрдоған ҳәм Гутерриштиң муўапықластырыўы ҳәм қарарларына байланыслы». Сондай-ақ, ең әҳмийетлиси БМШ Бас хаткери ҳәм еки Президенттиң өз-ара бирин-бири жақсы түсиниўи сөйлесиўлердиң нәтийжели болыўына алып келди, деп атап өтти министр Кулеба.
Қарақалпақстан хабар агентлиги