Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында Нөкис қаласындағы бақша тәрбияланыўшылары ушын театрдың әдебий бөлиминиң баслығы С.Маткеримованың шығармасы тийкарында режиссёр Қ.Қалилаевтың сахналастырыўында таярланған «Жақсылық қайтады» ертек спектакли қойып берилди.

Бул спектакль 3 жастан 7 жасқа шекемги балаларға арналған.

Онда тийкарынан жақсылық ҳәм жаманлық, жақсылық сезимлери қуяш сыяқлы өз нурын шашып туратуғынлығы әпиўайы тилде көрсетип берилген. Спектакльде сүўретленген ўақыялар арқалы инсанлар бир-биреўине садық дос болыўы, олар ҳәмме ушын жақсылық қолын созыўы кереклиги қуўыршақлар арқалы кишкене тамашагөйлерге жеткерип бериўге ҳәрекет етиледи.

Спектакльдеги айыў, қасқыр, кирпитикен, қоян образлары арқалы балаларды бир-биреўге мийримли болыўға, ҳәр қандай шараятта да жақсылық байрағын бәлент көтерип жүриўге ҳәм бәршени бирлесиўге, дос болыўға шақырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери