Қытай дүньяда биринши болып рельслер менен физикалық контакт етпейтуғын магнит подвескалы поезды иске түсирди.
Поезд жерден 10 метр бийикликте 80 км/саат тезликте ҳәрекетленеди ҳәм 88 жолаўшыны тасый алады. Экспериментал трассаның узынлығы 800 метрди қурайды.
Поезд ҳәрекетлениўи ушын аз муғдарда электр энергиясы талап етиледи ҳәм поездды ҳәрекетке келтиретуғын магниттиң жарамлылық мүддети әсирлерди қурайды. Бундай жолды қурыў баҳасы жер асты метросын қурыў баҳасынан он есеге арзан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги