Ҳәзирги күнлери республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында «Жаңа ϴзбекстан-мәнаўиялы жәмийет» атамасында мәнаўият фестивалы ɵткерилмекте.
Республикамыздың ең шетки ҳәм көп миллетли халықлар жасайтуғын Шоманай районында да бул фестиваль көтериңки кейпиятта болып өтпекте.
Фестивалға районның кең жәмийетшилиги менен бирге, Ташкент ҳәм Нөкис қалаларынан келген үгит-нәсиятшылар топары, белгили кино ҳәм театр актёрлары, эстрада қосықшылары белсене қатнаспақта.
Кеше район орайында жайласқан «Моншақлы» ҳәм «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында басланған Мәнаўият фестивалы соңын ала «Қарабайлы», «Бегжап» ҳәм «Дийқанабад» аўыл пуқаралар жыйынларында қызықлы даўам етти.
Онда «Маърифат» үгит-нәсиятшылар топары ағзасы, тарийх илимлериниң кандидаты Ф. Эрназаров, Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем-өнер институты доценти Б.Рустамов, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы қосықшысы С.Холматов, Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик сазлы театры актёры М.Музаффар, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы Р.Отарбаев, киноактёр Х.Абдуллаев, З.Режеметов, М.Муртазаева, Д. Каттабеков, эстрада қосықшысы Ж.Рахимов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театры актёрлары К.Алланазаров, Н.Қуўатовалар илаж қатнасыўшыларын Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен қутлықлап, ҳәммени елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм татыўлықтың қәдирине жетиўге, халықлар арасындағы дослықты сақлаўға шақырды ҳәм өзлериниң ана-Ўатан, парахатшылық, дослықты жырлаўшы дөретпелеринен оқып берди.
Соның менен бирге фестивальда өзбек, қарақалпақ, қазақ ҳәм түркмен тиллеринде қосықлар атқарылып, илаж қатнасыўшылары бул йошлы намаларға аяқ-ойынға түсти.
Сондай-ақ, фестивал шеңберинде темир, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар дәптеринде турған ҳаял-қызлар арасында «Саламатлық ушын 5000 қәдем» акциясы өткерилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы