Соңғы жыллары елимизде туризм, соның ишинде, ишки туризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, саяхатшылардың республикамыздағы тарийхый, мәдений орынларына барып саяхат етиўлери ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилмекте.

Атап айтқанда, аймақларда саяхатшылардың барып-келиўи, руўхый  дем алыўы ушын арнаўлы транспортлар қойылып,  заманагөй мийманханалар, хызмет көрсетиў орынларының жумыслары жолға қойылмақта.

Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары, сондай-ақ, Республика Аэрогеодезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәкимшилиги ҳәм кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен усы мәкемелерде жумыс ислеп атырған жасыүлкен устазлар ҳәм жас кадрларды елимиздеги тарийхый-мәдений орынлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде,  «Ўатан бойлап саяхат ет» акциясы шеңберинде Самарқанд ўәлаятына саяхат шөлкемлестирилди.

Үш күн даўам еткен турда саяхатшылар әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласындағы  белгили тарийхый ҳәм мәдений орынларға саяхат етти.

―Кәсиплеслеримиз бенен бирге «Ҳәзирети Даўыт» ҳәм  «Әмир Темур», «Ходжа Данияр» мақбаралары, «Улуғбек обсерваториясы», биринши Президентимиз И. Кәримотың мақбарасы ҳәм оның жаслығы өткен үйине, «Шахизинда» мақбарасы ҳәм «Бибиханым» медресесинде болып, бул жерлердиң тарийхы менен жақыннан танысып ҳәм көплеген мағлыўматларға ийе болдық,-дейди саяхатшылардың бири Парахат Ажимуратов.

Солай етип, турда тараў хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары кеўилли дем алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы