Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына бағышланып республикамызда «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында Мәнаўият фестивалы басланды.

Нөкис халық аралық аэропортында Ташкент қаласынан келген үгит-нәсият топарының ағзалары-белгили көркем өнер ғайраткерлери, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының хызметкерлери, илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, қәбилетли жаслар салтанатлы күтип алынды.

Президентимиздиң усы жыл 1 августтағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарында атап өтилгениндей, миллий ғәрезсизлик ел-журтымыз ушын дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў, соның ишинде, турмыстың ҳәр қыйлы тараўлары менен тармақларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ушын беккем негиз жаратып, ерисип атырған барлық табысларымыз бенен шеклеримиздиң тийкарғы дәреги болып келмекте.

Фестивальды өткериўден тийкарғы мақсет, Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў болып табылады.

Усы жылдың 20-августына шекем даўам ететуғын фестиваль шеңберинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында  халықтың кең қатламында, әсиресе, жасларда Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, инсаныйлық пазыйлетлерин тәрбиялаў, миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларымыздың турмысымыздағы орны менен әҳмийетин ҳәр тәреплеме ашып бериўге бағдарланған ушырасыў ҳәм пикир алысыўлар болып өтеди.

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген руўхый-ағартыўшылық илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери