Самарқандта Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммити усы жылы сентябрь айында өткериледи. Бул халықаралық форум алдынан елимизде ҳәр қыйлы сиясий, экономикалық әнжуманлар, мәдений-ағартыўшылық илажлар болып өтпекте.

Соның ишинде, быйыл 18-19-август күнлери мәмлекетимиз ШБШның гезектеги Ҳаял-қызлар форумын өткереди. Ҳәзирги ўақытта форумға қызғын таярлық көрилмекте. Илаж өткерилетуғын жерде өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнери көргизбелерин шөлкемлестириў белгиленген.

Соған бола, «Өнермент» ассоциациясы Самарқанд ўәлаяты басқармасы қызғын таярлық жумысларын әмелге асырмақта.

– Бул форумда ўәлаятымыздағы ең тәжирийбели өнерментлер өзлери таярлаған 1000 түрдеги өними менен қатнасады,-дейди «Өнермент» ассоциациясы ўәлаятлық басқармасының баслығы Умид Ҳакимов. – Сондай-ақ, олар сол жердиң өзинде өнерментшилик өнимлерин таярлап, қатнасыўшыларға көрсетиўи режелестирилип атыр. Ҳәзирги ўақытта өнерментлер өзлери таярлаған ең жақсы өнерментшилик буйымларын көргизбеге таярламақта.

Батик көркем өнериниң шебери Лола Ғаниева, тоқыўшы Мавлуда Ҳамдамова ҳәм зергер Шавкат Зохидов көргизбеде жаңа өнимлери менен қатнасыў нийетинде.

– Батик, яғный ҳәр қыйлы гезлемелерге гүл басыў қол мийнетине тийкарланған нәзик көркем өнер түри болып есапланады,-дейди Л.Ғаниева. – Бул көркем өнерди анамнан үйренгенмен. Гүл басылған дөретпелер өзине тән сулыўлыққа ийе болып, оны жаратыў процеси тоқыў, бояў, гүл басыўды өз ишине алады. Ҳаял-қызлар сумкалары, көрпеше қапламалары, дастурхан, заманагөй миллий кийим-кеншеклерде батик көркем өнерин кеңнен қолланамыз. Көргизбеде 30 дан аслам өнимлерим менен бирге, жақында таярлаған жаңа усылдағы жумысым – гезлемеге исламий нағыслы гүллер түсирилген «көркем өнер дөретпем»ди көрсетемен. Бул өним мийманларға унайды, деп ойлайман.

Зергер Шавкат Зоҳидовтың зер нағыслы зергерлик буйымлары да ҳәзирги күнге шекем көпшиликтиң итибарын тартқан.

– Зергерлик өнери менен шаңарағымыз бенен шуғылланамыз,-дейди Ш.Зоҳидов. – Мен бесинши әўлад ўәкилимен. Зергерлик оғада машақатлы ҳәм сабырлылықты талап ететуғын өнер. Ҳәзирги күнге шекем бул өнердиң заминдўз, шакардўз, гүлдўз ҳәм қуббадўз сыяқлы тигиў усылларын пуқта үйрендим. Солардың тийкарында миниатюралар, портретлер үстинде ислеп, ҳәр қыйлы композициялар жаратқанман. Форумдағы көргизбеге олардан айырымларын алып бараман. Соның ишинде, көпшилик сырт ел туристлери зер нағыслы өнерментшилик дөретпем – Ўатанымыздың гербине ашық болған. Сол күни гербтиң жаңа нусқасын мийманлар гүўалығында таярлайман.

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы