Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы тараўында стратегиялық раўажланыў ҳәм изертлеўлер халықаралық орайы тәрепинен, Жәҳән банки қатнасыўындағы «Арал теңизи әтирапында климат өзгерислерине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў бағдарламасы» жойбарының грант линиясы иске түскенлигин хабарлаймыз. Жойбар шеңберинде ҳәзирги күнде пилот сыпатында Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Қоңырат, Шымбай, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында жасаўшы пуқаралардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў мақсетинде суб-грант қаржылары ушын хүжжетлер қабылланатуғынын жәриялаймыз!
Бенефициар қайсы бағдарлар ушын суб-грант алыӯы мумкин?
- Кем шығынлы ыссыханалар қурыў;
- Нәл жетистириўди қоллап-қуўатлаў;
- Бағлар ҳәм жүзим атызларын жаратыў;
- Энергияне үнемлейтуғын үскенелер менен тәмийинлеў;
- Қурғақшылыққа ҳәм шорланыўға шыдамлы нәл ҳәм егинлерди егиў;
- Зыянкеслер ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў;
- Аймақларда тамшылатып суўғарыў системасы;
- Аймақларда суўғарыў системасын жақсылаў.
Бенефициарға қандай талаплар қойылған?
- Суб-грант алыўшы орта ҳәм кем тәмийинленген дийқанлар, шаңарақлар өз-ара биригип, кооперациялар (ямаса ЖШЖ) шөлкемлестириўи керек;
- Суб-жойбардың улыўма баҳасы – шөлкемлестирилген кооперацияның ҳәр бир ағзасы ушын 5000 АҚШ долларынан аспаған ҳалда ислеп шығылыўы керек;
- Суб-жойбар, оның улыўма баҳасының 10% инен кем болмаған муғдарда пуқара/бенефициар (басламашы) үлесинен қуралыўы талап етиледи.
Бенефициардан кандай ҳүжжетлер талап етиледи?
- Суб-грант қәрежетлерин алыў мақсетинде бенефициардың «Баҳалаў комиссиясы»на арзасы;
- Хужжет тапсырыўшы ўйымның аты ҳәм мәнзили, соның менен бирге, бенефициарлардың Ф.И.О ҳәм саны, дизими
- Юридикалық статусы, соның менен бирге, район ҳәкиминиң жер участкасын/имаратын бенефициарға бериў ҳаққындағы қарары, мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық, бенефициардың атына жер кадастры хүжжетлери рәсмийлестирилгенлиги ҳаққында ҳүжжет;
- Мәкеме ҳәм оның жумысы (деятельность) туўралы мағлыӯмат;
- Бенефициардың усы саладағы тәжирийбеси ҳаққындағы қысқаша мағлыўмат;
- Суб-жойбардың аймақлық жайласыў мәнзили;
- Төмендеги факторларды өз ишине алған бизнес – реже:
– Жуўапкершилиги ҳаққында қысқаша мағлыўматқа ийе болған қәнигелер дизими, саны (ер адамлар ҳәм ҳаяллар);
– Суб-жойбар, оның улыўма муғдары 10% тен кем болмаған муғдарда бенефициардың үлесин қураўы талап етиледи;
– Суб-жойбардың келеси 3 жыл ишинде пул қаржылары айланбасы соның менен бирге, дәраматын анықлаў (товарлар/хызметлер ҳәм т б.) ҳәм маркетинг (жергиликли/экспорт ҳәм т б.) прогнозлары;
- Экологиялық экспертиза (қоршаған орталыққа тәсири ҳаққындағы арза (ЗВОЗ));
- Суб-жойбардың тийкарланыўы ҳәм сыпатламасы, соның менен бирге, ҳақыйқаттағы жергиликли жағдай ҳәм суб-жойбардың оның раўажланыўына тәсири;
- Суб-грант қаржылары есабынан әмелге асырылған суб-жойбарды, әмелге асырыў мүддети жуўмақланғаннан соң оның турақлылығын дәлиллеў;
- Бенефициардың кепиллик хаты.
Ҳүрметли пуқаралар!
Сиз өзиңиздиң имканиятларыңыздан келип шығып, жоқарыда көрсетилген бағдарлар бойынша өз жумысыңызды баслаў нийетиңиз болса жергиликли ҳәкимликлерде шөлкемлестирилген “Баҳалаў комиссиясы” ағзаларына мүрәжат етиўиңизди соранамыз.
Суб-жойбар бойынша қосымша мағлыўматлар алыў ушын +998 90 808 17 98 +998 90 132 04 02 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.
Ҳүжжетлерди тапсырыў мүддети 26.08.2022 саат 18:00 ге шекем.
Биз өзин-өзи раўажландырып, глобал климат өзгериўи шараятына бейимлесип, хожалық турмысының экономикалық жағдайын жақсылаўды мақсет еткен барлық пуқараларды/бенефициарларды суб-грант қаржыларын алыӯда белсендилик пенен қатнасыўға шақырып қаламыз ҳәм тилеклеспиз!!!
Қарақалпақстан хабар агентлиги