Кеше Финляндия пайтахты Хельсинки қаласында УЕФА Суперкубоги ушын Мадридтиң “Реал” Германияның “Айнтрахт” клублары арасында ушырасыў болып өтти.

Қызықлы болып өткен ойынның 37-минутында «Реал» футболшылары Давид Алаба, 65-минутта Карим Бензема тәрепинен урылған голлар, ойынның Карло Анчелотти шәкиртлериниң пайдасына шешилиўине тийкар болды.

Солай етип, өз тарийхында 5 мәрте УЕФА Суперкубогин жеңип алған «Реал» футболшылары бул көрсеткишлер бойынша рекордшы болып киятырған Италияның «Милан» ҳәм Испанияның «Барселона» клубларына жетип алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы