Усы жылдыӊ 27-ииюль ҳәм 8-август күнлери Россия Федерациясыныӊ Владивосток қаласында «Азия балалары»  ойынлары спорт жарысы болып өткен еди.

Бул халықаралық жарысқа Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында бир қанша қарақалпақстанлы жас спортшылар да табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, баскетбол бойынша қараөзекли Дилназа Мәмбетназарова алтын медалды қолға киргизген болса, ҳаял-қызлар гүресинен 66 кг салмақта нөкисли Асалай Амангелдиева гүмис, стол теннисинен Дамир Жүзбанов, бадминтоннан Гүлхатийша Сейтжанова ҳәм бокстен Рахима Бекниязовалар қола медалларын ийелеп, республикамыздыӊ барлық спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Бул спортшыларды жарысқа тәжирийбели тренерлерден Халида Баймуратова, Салаўат Меӊлимуратов, Бахтияр Хангелдиев, Рахат Утениязов ҳәм Нийетбай Аметовлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы