Шахмат

Буннан 12 күн алдын Ҳиндстанда басланған 44-шахмат Олимпиадасының биринши, екинши ҳәм үшинши турларында Непал, Исландия, Словения ўәкиллерин жеңип шыққан қәбилетли шахматшыларымыз АҚШ ўәкиллери менен 4-турда утып турған ўақтында ойында теңбе-тең болғаны, ҳақыйқатында, азғантай ренжигенимиз бар гәп.

Бирақ, үмитимиз сөнбеген еди. Нодирбеклердиң исенимли ҳәрекетине, Жавоҳирдиң жеделлигине, Жәҳәнгирдиң күтилмеген «ҳүжими»не, улыўма, жигитлеримиздиң ҳәр бир турда қарсыласларына анық «соққы» бере алатуғынына исенген едик.

Бул исеним партиядан турларға өткени сайын беккемленип барды. Әсиресе, 6-турда Ҳиндстанның тийкарғы командасы менен болып өткен қурамалы ойында «үмитимиз әўмет тулпарында» екенлигин ўәкиллеримиз және де айқын көрсетти. Бул турда биринши тахтада ойнаған Нодирбек Абдусатторов Ҳиндстанның ең күшли шахматшыларынан бири, дүнья рейтингинде 25-орында баратырған Пентала Харикришна менен болып өткен қыйын ойында имканиятын өткерип жиберген, Нодирбек Ёқуббоев ҳәм Жавоҳир Синдоров теңбе-теңликке ерискен бир ўақытта Жаҳонгир Воҳидов Кришнан Сасикиранды жеңилиске ушыратыўы «жолларымыз жарқын» екенлигин көрсетти.

Бул теңбе-теңлик Өзбекстан шахматшыларының жеңис мәнзили алдынан үлкен белеске шығыўын тәмийинледи, десек қәте болмайды. Жәҳәнге Өзбекстанның интеллектуаллық потенциалын көрсеткен жигитлеримиз 8-турда Германияны, 9-турда олимпиаданың ең күшли командаларынан бири – Арменияны жеңиўи ҳәм, соңында, 10-турда ҳиндлердиң «жасырын қуралы» Ҳиндстан-2 командасы менен ақылға сыймайтуғын ойындағы жағдай 44-олимпиаданың бурылыс ноқаты болды.

Бул турда Жаҳонгир Воҳидов ҳәм Нодирбек Ёқуббоев қыйын жағдайда теңбе-теңликке ерисиўи, Жавоҳир Синдоров қыйын партияда жеңилип қалыўы ҳәм Нодирбек Абдусатторовтың өз жеңиси менен Өзбекстанға мисли чемпионлық майданының кеңликлерин көрсетти, негизинде.

9-август 44-шахмат олимпиадасының ақырғы 11-туры Өзбекстан шахмат тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын күн болып мөрленди.

Командамыз соңғы турда Нидерландия ўәкиллерине қарсы ойнады. Дәслеп екинши тахтада ойнаған Нодирбек Ёқуббоев қарсылас команда ўәкили Йорден ванн Форест пенен теңбе-тең болды. Нодирбек Абдусатторов та Аниш Гири менен келисим жолын сайлады. Жавоҳир Синдоров да Бенджамин Бок пенен ойында келисимге келди. Сондай қыйын жағдайда Жавоҳир Воҳидовтың Макс Уормердам менен ойыны шешиўши ушырасыў көринисин алды. Қурамалы «ақыл урысы»нда Воҳидов бар қәбилетин иске қосты ҳәм жеделлик пенен, руўхый гүреслер астында болып өткен «урыс»та қарсыласын жеңди.

Жеңислер өз-өзинен қолға киргизилмейди. Итибар, қоллап-қуўатлаў жетискенликлердиң жүзин ашады. Халқымыздың саламатлығын беккемлеўге ғамхорлық етиў, руўхый ҳәм физикалық бәркамал әўладты тәрбиялаў барқулла мәмлекетимиздиң дыққат орайында болып келген.

Буннан бир жыл алдын Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған «Шахматты және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў және шахматшыларды таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы, сондай-ақ, 5-августта қабыл етилген «Шахматты және де ғалабалық ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлар елимиз келешеги болған жаслардың интеллектуаллық потенциалын өсириўге хызмет етпекте.

Мәмлекетимиздеги 160 қа шамалас орта билимлендириў мектеплеринде шахмат дөгереклери шөлкемлестирилген болып, оларға 12 мыңнан аслам оқыўшы-жаслар қамтып алынған. Сондай-ақ, 250 ден аслам балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде шахмат бойынша 600 ге шамалас секциялар жумыс алып бармақта. Елимизде шахмат пенен профессионал шуғылланыўшылардың саны 4 мыңнан артық болып, «ақыл гимнастикасы»шыларымыздың 25 и халықаралық гроссмейстер болып есапланады.

Және бир итибарлы тәрепи. 44-шахмат олимпиадасының жеңимпазы болған шахматшыларымыз усы қарарлар тийкарында ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Оған бола, жеңимпазлыққа ерискен шахматшыларымыздың ҳәр бирине 600 миллион сум, олардың тренерлерине болса 300 миллион сум ақшалай сыйлықлар тапсырылады.

44-шахмат олимпиадасында жас шахматшыларымыз ерискен бул жеңис Өзбекстанды шахмат олимпиадасының чемпионы статусына алып шықты, бул мәмлекетимиз жасларының потенциалы, олардың қәбилети, жәҳәнди лал қалдырған «ақыл қуяшы» мың жыллар даўамында миллионлап инсанлардың ҳәўесин келтирип турыўы, сөзсиз.

Бул мәмлекетимиз басшысы әмелге асырған Жаңа Өзбекстан принципин беккемлеў тийкарындп Үшинши Ренессанс тийкарының жаратылыўына мүнәсип тийкар таярланып атырғанлығының айқын көриниси болды.

Еслетип өтемиз, 44-шахмат олимпиадасында жеңиске ерискен спортшыларымыз усы жылдың 11-августында Өзбекстанға қайтып келеди.

Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы