Бүгин Финляндия пайтахты Хельсинки қаласындадағы “Олимпия” стадионында УEФА Суперкубоги ушын финал ойыны өткериледи.
Онда Европа чемпионлар лигасыныӊ жеӊимпазы Мадридтиӊ «Реал» клубы Европа лигасыныӊ әмелдеги жеӊимпазы Германияныӊ “Айнтрахт” футболшылары менен суперкубок ушын өз-ара гүрес алып барады.
Бул ойынды Майкл Оливер басшылығындағы төрешилер бригадасы басқарып барады.
47-мәрте өткерилип атырған бул турнирде Испанияныӊ “Барселона” ҳәм Италияныӊ “Милан” клублары суперкубокти 5 мәртеден қолға киргизип, бүгинги күнге шекем жетекшилик етип келмекте.
Ал, «Реал» клубы болса, буған шекем 7 мәрте суперкубок финалына шығып, соныӊ төртеўинде кубокты қолға киргизген.
Ал, франкфуртлылар ушын болса, бул суперкубоктиӊ дебют финалы болып есапланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы