4-7-август күнлери Қазақстан пайтахты Нур-Султан қаласында дзюдо бойынша ересеклер арасында Азия чемпионаты өткерилди.

Онда улыўма командалық есапта күшли үшликке кириўге миясар болған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары кеше Ташкент қаласына қайтып келди.

Азия чемпонатында татамиде барлық қарсыласларын жеӊип шығыўға миясар болған Диёра Келдиёрова 52 кг салмақта алтын медалды жеӊип алған болса, 70 кг салмақта Гулноза Матниязова, 73 кг салмақта Муроджон Йўлдошевлар екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, қарақалпақстанлы Нилуфар Ермағанбетова болса, 57 кг салмақта қола медалын қолға киргизиўге еристи.

Сондай-ақ, бул жарыста 66 кг салмақта Муҳриддин Тиловов, 73 кг да Обидхон Номонов, 70 кг да Шоҳиста Назарова, +100 кг да Бекмурод Олтибоев ҳәм Шоҳруҳ Бахтиёровлар да қола медалы менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы