Бүгин Түркияныӊ Конья қаласында V Ислам бирлиги ойынларыныӊ салтанатлы ашылыў мәресими болып өтеди.

Онда Өзбекстан сайланды командасын пүткил дүньяға белгили еки жас спортшылар- таэквондо бойынша Токио-2020 Олимпиадасыныӊ чемпионы Улуғбек Рашитов ҳәм қылышласыў бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатыныӊ жеӊимпазы Зайнаб Дайыбекова мәмлекетимиз байрағын көтерип стадионға алып шығады.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы