Россия Федерациясыныӊ Владивосток қаласында өткерилип атырған “Азия  балалары” ойынлары өз жуўмағына жетти.

Бир неше күн даўам еткен кескин беллесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзалары улыўма командалық есапта екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Атап өтетуғын болсақ, сайланды команда ағзалары тәрепинен өткерилген бул жарысларда 41 алтын, 28 гүмис ҳәм 45 қола медаллары қолға киргизилди ҳәм Россия федерациясы спортшыларынан соӊ екинши орынды ийелеўге миясар болды.

 

         Қарақалпақстан хабар агентлиги