Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан футболын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жаслар арасында “Былғары топ” бағдарламасы тийкарында,  Кегейли районында спорттың футбол түринен республикамыздыӊ арқа аймақларында жайласқан районлардыӊ жаслары арасында  республикалық жарыстыӊ аймақлық басқышы өткерилди.

Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларының жеңимпаз командалары қатнасқан бул жарыс оғада қызықлы болып, онда барлық қарсыласларын жеӊип шыққан Кегейли районы «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыныныӊ футболшы жаслары жарыстыӊ республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы