Жаӊа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!
Нөкис қаласына жылдан-жылға жаңа мәканлар, көшелерине жаңа көшелер қосылып, күн сайын кеңеймекте. Жаңа ҳәкимшилик имаратлар, турақ жайлар, мәкеме, кәрхана, базарлар қурылып, қала раўажланып бармақта ҳәм бул жаңаланыўлардың барлығы көз алдымызда жүз бермекте.
Жақын жыллардың өзинде, қаланың қубла тәрепинде жайласқан Қоскөлдиң ҳәм қаланың айланба жолының әтирапы ҳәр жерлерден көшип келип, өз бетинше, көшелерге бөлинбеген ҳалда салынған жайларға толыса баслаған еди. Буны қалада бурыннан жасап атырған адамлар жақсы биледи.
Бир неше жылдың өзинде, бул жерде Қоскөл-3, Қоскөл-4 елатлы пунктлери пайда болып, халық толысты. Солай етип, усы аймақтағы адамлар ушын да инфраструтураны раўажландырыў, транспорт, базар, мектеп, балалар бақшасы, медициналық хызмет сыяқлы бир қатар зәрүрликлерин қанаатландырыў мәселелери де пайда болды.
Солай етип, 2016-жылы Қоскөл-4 те ҳәм оған иргелес, жәми 600 гектарға шамалас жерде Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйыны шөлкемлестирилди. Оған 50 ге шамалас көше бириктирилди.
Ҳәзирги ўақытта Жаңабазарда 10 мыңнан аслам адам жасамақта, соннан 5758 и 30 жасқа дейинги жаслар, 422 си пенсионерлер. Сондай-ақ, бул жерде 75 бағыўшысын жоғалтқан, 57 майыплығы болған перзентлерин тәрбиялап атырған хожалықлар бар. Соның менен бирге, 8 жалғыз ана, 3 жалғыз кексе, 1 басқалардың қараўына мүтәж кекселер де бар. Бул жердеги 483 хожалық кем тәмийинленген, 45 хожалық көп балалы шаңарақлардың дизиминде ҳәм 115 адам майыплығы болған инсанлар дизиминде турыпты. 396 адам жумыссыз.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жыл февраль айында аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Инсан қәдири принципи тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен ўазыйпалар белгиленген еди.
Сапар даўамында Президент Нөкис қаласындағы бир қатар пуқаралар жыйынларына барып, аймақлардағы қурылыс-абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Президентимиздиң басламасы менен қаламыздағы Шымбай гүзары МПЖ аймағында алып барылған нәтийжели жумыслар үлгисинде 7 ең аўыр мәҳәллелер (Қоскөл, Қум аўыл, Боз аўыл, Қызыл қум, Қутлы мәкан, Телеорай, Жеке терек МПЖлар) таңлап алынып, ол жерлерде быйыл 1-сентябрьге шекем қурылыс-абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, водопровод ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы «Абат мәҳәлле»ге айландырыў мақсет етип алынды.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қаламызда шараяты аўыр болған қосымша
8 мәҳәлледе (Анасай, Әмиўдәрья, Жаңабазар, Жайҳун, Жолшылар, Узынкөл) «Аўыр аймақ» бағдарламасы бойынша қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы аймақлардың 106,3 километрлик ишки жолларын қурыў ҳәм оңлаў жумыслары белгиленди.
Президент қаладағы Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйынында да болып, бул жерде жумыс баслаған пластикалық есик ҳәм рамалар кәрханасын да барып көрген еди.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин, өнимлерин көзден өткерди.
Қала аймағынан «Бокспарк» жойбарын әмелге асырыў ушын Жаңабазар аймағынан жер орны ажыратып берилди. Аймақтағы 64 МПЖдан 38 МПЖға жаңа имарат қурылысы ҳәм реконструкция, ири оңлаў жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде жер орынлары таңланып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли қарарлары шығарылды.
Бүгинги күнде Жаңабазарда үлкен дөретиўшилик, қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Оған қаламыздағы барлық министрликлер менен шөлкемлер белсене қатнаспақта. Сондай-ақ, усы аймаққа жақын жайласқан Арқа-Батыс әскерий округинен 300 ден аслам әскер де абаданластырыў жумысларына қатнаспақта.
– Бул жерде 10 күннен берли жумыс ислеп атырмыз,-дейди подполковник Ҳ.Азимов. – Тийкарынан абаданластырыў жумысларын алып бармақтамыз. Арқа тәрептен баслап төрт-бес көшени, бир ўақыттың өзинде бир шеттен тазалап келмектемиз. Бүгинги күнге шекем бир ярым километрдей жерди тазаладық, абаданластырыў хызметкерлери менен бирге бир неше тонна шығынды алып тасланды.
Сондай-ақ, бул жумысларға аймақ турғынлары да тартылған.
– Мен 5 жылдан берли усы жерде жасайман. Бир балам бар, Бағыўшысын жоғалтқан хожалықлардың қатарына киремен. Жумыссызбан. Пуқаралар жыйыны баслығы тәрепинен 25 ҳаял бир топарға бириктирилип, мәўсимлик жумыс пенен тәмийинлендик. Ҳәзир абаданластырыў жумысларына қатнасып атырмыз,-дейди Г.Өмирзақова.
Аймақта тек абаданластырыў жумыслары емес, ал аймақ турғынларының машқалаларын үйрениў, шешимин табыў бойынша илажлар да шөлкемлестирилген.
– Ҳәзирги ўақытта Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйынында жасап атырғанлардан 936 пуқара мәмлекетлик кәрханаларда жумыс ислемекте,-дейди Нөкис қаласы халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры Н.Мадаминов. – 47 адам исбилерменлик пенен шуғылланбақта, 66 адам мәўсимлик жумыслар менен тәмийинленди.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы тараў хызметкерлериниң дерлик барлығы усы жерде, аймақтағы хожалықларға үйме-үй кирип, пуқаралар менен жеке сәўбетлесип, олардың мүрәжатларын тыңлап, машқалаларын үйрениў бойынша жумыслар алып бармақта. Бүгинги күнде 50 жумыссыз пуқара мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда ислеў ушын мүрәжат етти ҳәм олар жумысқа орналастырылды. 2 пуқараға «Ишга марҳамат» моноорайына кәсипке қайта оқытыў ушын жоллама берилди.
– Аймақтағы барлық көшелер тегисленип, асфальтланып, қум-шағыл тас араласпасы төселип, көшелеримиздиң жолы әдеўир жақсыланып бармақта,-дейди аймақ турғыны Д.Аллақулова. – Ҳәзир жайларымызды ҳәклеп атыр. Бүгинниң өзинде көшемиздеги 10 жай ҳәкленди, фундаментлери тегисленип, сыбалды. Бул ушын басшыларымыздан миннетдармыз.
Буннан басқа, көшелерге ишимлик суў қубырлары төселмекте, электр бағаналар орнатылып, жақтыландырыў, байланыс тармақлары тартылмақта.
Деген менен, аймақта еле исленетуғын жумыслар көп. Буның барлығы тараў қәнигелери тәрепинен үйренилип, басқышпа-басқыш сапластырылмақта.
– Бүгинниң өзин де 500 ге шамалас шаңараққа кирип шықтық. Халықтың мүрәжатларын тыңлап, жәмлеп атырмыз,-дейди Нөкис қаласы халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы инспекторының жәрдемшиси У.Турдыбаева. – Мүрәжатларда көлди жоқ етиў керек, деген де усыныслар бар. Себеби, жаз айларында шыбын-ширкейлер адамлардың мазасын алады екен.
Сондай-ақ, аптека, электр энергиясы керек, дейди. Әсиресе, үйде отырған жумыссыз ҳаял-қызлар бул жерге де тигиў цехын ашып берсе, халықтың көпшилиги жумыс пенен тәмийинленер еди, дейди. Қулласы, мүрәжат көп. булардың барлығы жәмленип, үйренилмекте.
– Аймақта «Мәҳәлле шыпакерлик пункти» ашылған. Үш күннен берли күнине 100 ден аслам пуқараны қабыллап атырмыз,-дейди 2–санлы шаңарақлық поликлиниканың аймақлық шыпакери А.Мәмбетназарова. – УЗИ, ЭКГ, лаборатория ислеп турыпты.
Невропотолог, окулист, лор, хирург, кардиолог, терапевт сыяқлы қәнигеликлер бойынша барлық қәнигели шыпакерлер келип, халықты медициналық тексериўден өткермекте.
Ишки ислер уйымлары МПЖ ның Шымбай таңы көшесине бириктирилип, бул жерде де бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырған екен.
– Көшедеги 80 хожалықта 185 адам жасамақта,-дейди Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы А.Наменова. – Үйрениў жумыслары даўамында кем тәмийинленген 8 шаңарақ, бағыўшысын жоғалтып жас өспирим балалары менен жасап атырған 2 ҳаял, сырт еллерде жумыс ислеп жүрген 9 пуқара анықланды.
Хожалықлардың қыйтақ жерлери үйренилгенде, көпшилиги жерлеринен дурыс пайдаланбай өз алдына таслап қойғаны, тек 13 хожалық қыйтақ жерлерине егин егип пайдаланып атырғаны анықланды. Еле ийеси көшип келмеген үйлер де бар. Соннан, 18 үй толық питпеген, 7 үйдиң тек фундаменти қуйылған, 2 үй толық питкен, бирақ ийелери еле көшип келмеген.
Ҳәзирги ўақытта кем тәмийинленген шаңарақлар, бағыўшысын жоғалтқан ҳаяллар, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар, майыплығы бар инсанлардың машқалаларын шешиў, пуқаралардың мүрәжатлерин үйрениў бойынша тийисли жумыслар даўам етпекте.
Қулласы Жаңа базардадағы илажларға барлық тараўлардан қәнигелер қатнаспақта. Инсан қәдири принципи тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген үлкен ўазыйпалар, қурылыс-абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, водопровод ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, сондай-ақ, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық машқалаларды үйренип шешимин табыўдың нәтийжелери ҳәзирдиң өзинде анық көринбекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.