Бул Қарақалпақстан Республикасы санаатындағы үлестиң 53,1 процентин қурамақта.

Усы тараўдағы ири санаат кәрханаларынан бири болған “Uz-Kor Gas Chemical” қоспа кәрханасының Сургил газ-химия комплекси кәрханасы жылына 400 мың тонна полиэтилен, 100 мың тоннаға шамалас полипропилен ҳәм 102 мың тонна пиролиз дистиллятын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Кәрханада 2022-жылдың январь-июнь айлары жуўмағында жәми 4,4 трлн. сумлық өним ислеп шығарылған. Соннан 764,3 млрд. сумлық 42,3 мың тонна полипропилен, 1669,2 млрд. сумлық 150,2 мың тонна полиэтилен, 28,5 млрд. сумлық 44,3 мың тонна жеңил нефт дистиллятлары ислеп шығарылды.

Буннан тысқары, кәрхана тәрепинен 5,1 млрд. сумлық 178,8 млн. kVts электр энергиясы ислеп шығылған.

Кәрхана тәрепинен ақырғы 6 айда жәми 127,3 млн. долларлық полиэтилен ҳәм полипропилен өнимлери экспорт етилди.

Соның менен бирге, “Қоңырат сода заводы” тәрепинен январь-июнь айларында 248,8 млрд. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, соның 242,3 млрд. сумлық 102,2 мың тонна динатрий карбонаты ҳәм 752,5 млн. сумлық 6,3 мың тонна ҳәк тасы өнимлери ислеп шығарылған.

 

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық

раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў

 министрлигиниң мәлимлеме хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги