АҚШ ҳәм ҚХР жетекшилери пийшемби күни еки сааттан аслам ўақыт даўамында телефон арқалы сөйлесип бир қатар мәселелер қатарында Тайван мәселесин де сөз етип, бир-бирине ескертиў берди.

Ақ үйдиң есабатына қарағанда, АҚШ президенти Жо Байден Си Цзиньпинди Қурама Штатлар атаў статусын бир тәреплеме тәртипте өзгертиўге қаратылған ҳәр қандай урыныўға қатаң қарсы екенинен ескерткен.

Пекин болса Си Цзиньпинниң сөйлесиўде Байденди «Бирден-бир Қытай» принципине әмел етиўге шақырған ҳәм америкалы президентти «ким от пенен ойнаса, оның өзи күйип қалатуғынынан» ескерткен.

«Биз «Тайван ғәрезсизлиги» сепаратизмине қатаң қарсымыз ҳәм Тайван ғәрезсизлиги күшлерине ҳеш қашан орын қалдырмаймыз. Қытай ҳүкимети ҳәм халқының «Тайван мәселеси» бойынша позициясы бирдей ҳәм 1,4 миллиардтан аслам қытайлылардың миллий суверенитет ҳәм Қытайдың аймақлық пүтинлигин қорғаўға қатаң бел байлаған Жәмийетшиликтиң пикирин бузыўға болмайды, от пенен ойнасаңыз, күйип қаласыз. Америка тәрепи буны жақсы түсинеди деп үмит етемен», – деп ҚХР баслығының сөзлерин келтиреди CCTV.

Қарақалпақстан хабар агентлиги