Аўғанстан шегарасында Иран ҳәм «Талибан» әскерий күшлери арасында соқлығысыў жүз берди. Бул ҳаққында Сиестон ҳәм Белужистан ўәлаятының Хилманд (Хирманд) районының басшысы Мейсам Баразандеге сүйенип IRNA хабар бермекте.

«Хирманд қаласы жақынында Иран Ислам Республикасы шегара әскерлери ҳәм «Талибан» күшлери арасында соқлығысыў жүз берди» деди ол.

Район басшысы шегарашылар ҳәм «Талибан» топары арасында соқлығысыўлар даўам етип атырғанын да атап өтти.

Итималлы қурбанлар ҳаққында сөз етип, Баразенде бул бойынша анық айтқан.

Соқлығысыў себеплери ҳәзирше белгисиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги