Қытай Халықаралық машқалалар академиясы Евроазия изертлеўлер институтының директоры Ли Цзиго «Аўғанстан: қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыў» атамасындағы Ташкент халықаралық конференциясы ҳаққындағы пикирин билдирди:
– Бәринен бурын, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияның өткерилиўи Ташкенттиң аўған жеринде тынышлық ҳәм турақлылық орнатыўға, мәмлекеттеги социаллық-экономикалық жағдайды тез арада тиклеўге умтылысын және бир мәрте тастыйықлады.
Жоқары дәрежедеги конференция Аўғанстан рәсмийлериниң мәмлекетти тиклеў бағдарындағы ҳәрекетин халықаралық жәмийетшилик тәрепинен хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қойылған гезектеги қәдем, деп билемен. Бул аймақта турақлылықты тәмийинлеў, экономиканы тиклеў ҳәм халықтың турмысын жақсылаўда Өзбекстан сиясаты әҳмийетли орын ийелейди.
Мәжилис ўақтында Аўғанстанның регионлараралық экономикалық процесске интеграцияласыўын тәмийинлеў зәрүрлиги ҳаққында билдирилген пикирлер итибарымды тартты. Халықаралық жәмийетшилик аўған халқы менен аўызбиршилик көрсетип, бул жерди терроризм, экстремизм ҳәм нәшебентликтен жырақ тыныш, турақлы, абат мәмлекет сыпатында раўажландырыў ушын реал шараят жаратыўға бар имканиятын бағдарлаўы керек.
ӨзА