Қытай сыртқы ислер министри Ван И Ташкентке келди. Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Қытай делегациясын Өзбекстан сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов күтип алды.

Сапардың бағдарламасына бола, Қытай СИМ басшысы Шанхай бирге ислесиў шөлкемине (ШБШ) ағза мәмлекетлер Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасады, сондай-ақ, «ШБШ шаңарағы» мәмлекетлери делегацияларының басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

Алдын Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров Эфиопиядан Ташкентке келгени ҳаққында хабар берилген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги