Усы күнлери Италия пайтахты Рим қаласында еркин, грек-рим ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында 43 кг салмақта Гүлнура Русланова, 49 кг салмақта Сандуғаш Жийенбаева, 57 кг салмақта Улмекен Есенбаева ҳәм 61 кг салмақта Севинч Султановалар қатнаспақта.
Соныӊ ишинде, Гүлнура Русланова шерек финалда Италия ҳәм ҳиндстанлы палўанлардыӊ жеӊимпазы менен күш сынасса, Сандуғаш Жийенбаева түркиялы Севвал Сайир, Севинч Султанова швециялы Вилма Хоффман ҳәм польшалы Виктория Камелалар арасындағы беллесиўдиӊ жеӊимпазы менен қурға түседи.
Бул палўан қызларымызды жарысқа Қутлымурат Жуманов, Баҳадыр Қәлимбетов ҳәм Айнура Жапақовалар таярлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги