Президенттиң қарары менен инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлардың жойбар алды, мәмлекетлик сатып алыўға байланыслы тендер бойынша сатып алыў ҳүжжетлери ҳәм техникалық тапсырмалар менен шәртнамаларды экспертизадан өткериў тәртиби жетилистириледи.

Ҳүжжет пенен:

– мәмлекетлик сатып алыўға байланыслы тендер бойынша сатып алыў ҳүжжетлерин, техникалық тапсырмаларды ҳәм шәртнамалар, импорт контрактлери және оларға қосымша келисимлер жойбарларын (шәртнамалар ҳәм импорт контактлериниң баҳасы арттырылғанда) комплексли экспертизадан өткериў ушын төлемлер сатып алыў предмети баҳасының ҚҚС есапқа алмаған ҳалда 0,1 процент муғдарында, бирақ БЕМниң 100 есесинен артық болмаған муғдарда есапланып, бул муғдарға ҚҚС айрықша қосылған ҳалда өндириледи;

– жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарланыўын комплексли экспертизадан өткергени ушын төлемлер ҚҚСны есапқа алмаған ҳалда жойбардың улыўма суммасының 0,03 проценти муғдарында, бирақ эквиваленти 4 мың доллардан кем болмаған ҳәм 50 мың доллардан көп болмаған муғдарда есапланып, бул муғдарға ҚҚС айрықша қосылған ҳалда өндириледи;

жойбарлардың техникалық-экономикалық есап-санақларын комплексли экспертизадан өткергени ушын жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарланыўын комплексли экспертизадан өткергени ушын белгиленген сумманың 50 проценти муғдарында ҳақы өндириледи;

– экспертиза 100 процентлик алдыннан ҳақы төлеў шәрти менен өткериледи;

Төмендеги ҳүжжетлерди экспертизадан өткериў ушын ҳақы өндирилмейди:

– жойбар алды ҳүжжетлерди ислеп шығыў ушын техникалық тапсырма;

– Өзбекстан бюджет системасының бюджетлери ҳәм Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўға байланыслы тендер бойынша сатып алыў ҳүжжетлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги