Республикамызда 2022-жылдың 1-июль ҳалатына 22584,  жумыс ислеп турған 21352 киши бизнес субъектлери (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) дизимге алынған ҳәм олардың киши бизнес субъектлериндеги үлеси 94,5 процентти қураған.

Киши бизнестиң экономика тармақларындағы, соның ишинде, жалпы аймақлық өндиристеги үлеси 49,7, санааттағы үлеси 18,4, аўыл хожалығындағы үлеси 97,5, инвестициядағы үлеси 34,5, қурылыстағы үлеси 92,1, усақлап сатыўдағы үлеси 90,5, хызмет көрсетиў  тараўындағы үлеси 50,9 процентти қураған.

– Киши бизнес субъектлериниң санын арттырыў мақсетинде 6 ай даўамында 2227 (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилди,-дейди Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң бөлим баслығы Ф.Таджимуратов. – Усы дәўирде шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде, 11943 киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине коммерциялық банклер тәрепинен 310,8 миллиард сум муғдарындағы кредит қаржылары ажыратылды.

2022-жылдың январь-сентябрь айларында, жәми 4485 киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин жаңадан шөлкемлестириў режелестирилген. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги