Республикамызда киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ушын 214,4 гектарлық жер майданы, соннан, 68,3 мың кв.м. жер майданы имарат ҳәм қурылмалар ушын ажыратылған. Киши санаат зоналарында 807 лот болып, солардан 304 лот (37,6%) исбилерменлерге ажыратып берилген ҳәм 503 лот кейинги таңлаўларға қойылған.

Быйылғы жылдың январь-июнь айларында 425,4 миллиард сумлық өндирислик қуўатлылыққа ийе, улыўма баҳасы 217,2 миллиард сумлық 99 жойбар әмелге асырылып, нәтийжеде 2204 жаңа жумыс орынлары жаратылған. Соннан, 108,5 миллиард сумлық көлеми өз қаржылары, 84,1 миллиард сумлық көлеми коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм 1 миллион АҚШ долларлық бөлеги сырт ел инвестициясы ҳәм 1,6 миллион долларлық бөлеги Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылған.

– Нәтийжеде, Тақыятас районында баҳасы 11,6 миллиард сумлық, жылына 33,3 мың тонна өсимлик майын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе “REGION AGRO INVEST EKSPORT ” ЖШЖ жойбары әмелге асырылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң орынбасары  Н.Қазақбаев. – Нәтийжеде, 92 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Ал, Шоманай районында баҳасы 10 миллиард сумлық, жылына мың тонна боян тамырды қайта ислеў қуўатлылығына ийе “LIANTAY KC LICORICE” ЖШЖ жойбарының әмелге асырылыўы нәтийжесинде 60 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Усы кәрханалар тәрепинен 89,9 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған.

Бүгинги күнде улыўма баҳасы 149,8 миллиард сумлық 28 жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 708 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген.

«Нөкис» еркин экономикалық зона дирекция МУК Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-сентябрьдеги пәрманына муўапық шөлкемлестирилген. Оны раўажландырыўға байланыслы тийисли пәрман ҳәм қарарларға муўапық, улыўма баҳасы 57,2 миллион АҚШ долларлық 7 жойбар жайластырылған. Усы жойбарлардың төртеўи әмелге асырылды ҳәм 500 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. Ал, үшеўи әмелге асырылып атырған жойбарлар болып, быйыл иске түсирилиўи белгиленген. 2022-жылы 6 ай даўамында улыўма баҳасы 50,1 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, соннан 1,3 миллион АҚШ долларлық өним экспортқа шығарылды.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңеси тәрепинен аймағымызда жайластырыў ушын улыўма баҳасы 38,9 миллион АҚШ доллары болған 3 жойбар мақулланған. Усы жойбарлардың әмелге асырылыўы менен 1726 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, 288,1 миллиард сумлық өним ислеп шығарылыўы ҳәм жылына 747,7 мың АҚШ долларлық өнимлердиң экспортқа шығарылыўы режелестирилген.

Бүгинги күнде усы жойбарларды әмелге асырыў бойынша тийисли жумыслар алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги