«Реал» ҳәм «Барселона» клубларыныӊ өз-ара ушырасыўы барлық ўақытта да футбол жанкүйерлери ушын айрықшы қызығыўшылық оятқан.
Атап айтқанда, бул командалардыӊ 24-июль күни АҚШта болып өткен ойыны да футбол ышқыпазларыныӊ дыққатынан шетте қалмады.
Қызықлы өткен жолдаслық ойынныӊ 27-минутында «Барселона»ныӊ жаӊадан сатып алған ойыншысы Рафинья узақ аралықтан Куртуа қорғап турған «Реал» дәрўазасын анық нышанға алып, өз командасына жеӊис алып келди.
Сондай-ақ, усы күни Германияныӊ «Бавария» ҳәм Англияныӊ «Манчестер Сити» арасында ойын болып өтип, онда «Сити»диӊ жаӊадан сатып алған ҳүжимшиси Эрлинг Холанд тәрепинен 12-минутта урылған гол англичанлардыӊ жеӊиске ерисиўине себепши болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы