2022-жыл январь-июнь айларында 1106 азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы санаат кәрханалары жумыс ислеп, усы кәрханалардың 13 и ири, 1093 и киши кәрханалар болып есапланады.

Быйыл 6 ай даўамында 1114,9 миллиард сумлық азық-аўқат өнимлери ислеп шығарылып, өсим пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,4 процентти, санааттағы үлеси 12,6 процентти қурайды.

– Усы жылдың 6 айы даўамында республикамызда 5 ири ҳәм 4 киши ун өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар тәрепинен 72,0 мың тонна ун өнимлери ислеп шығарылды,-дейди Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бөлиминиң баслығы И.Ибрагимов. – Соның менен бирге, 58872 тонна мийўе-овощ өнимлери жетистирилген ҳәм 9315,4 тонна мийўе-овощ қайта исленип, қайта ислеў дәрежеси 15,8 процентти қураған.

Сондай-ақ, 135540 тонна сүт өнимлери таярланып, 32048,7 тонна сүт қайта исленип, қайта ислеў дәрежеси 23,6 процентти, 24003,9  тонна гөш өнимлери таярланып, 1370,3 тонна гөш қайта исленип, қайта ислеў дәрежеси 5,7 процентти қураған.

Ҳәзирги ўақытта республикамызда тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин, атап айтқанда, мийўе-овощ, гүнжи, гөш, сүт өнимлерин қайта ислеўши, жәми қуўатлылығы 96,7 мың тонналық 59 кәрхана жумыс ислемекте.

Соннан, Нөкис қаласындағы қуўатлылығы мың тонналық 1 кәрхана, сондай-ақ, қуўатлылығы 11050 тонналық 22 кәрхана ислеп турыпты. Бүгинги күнде 196,4 миллион сумлық мийўе-овощ, 4552,2 миллион сумлық гүнжи, 203 миллион сумлық гөш, 9796,3 миллион сумлық cүт өнимлери ислеп шығарылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги