Қарақалпақстан Республикасында  тийисли қарар ҳәм бағдарламаларға муўапық, 2022-2023-жылларда қурылыс материалларынан, 2120 мың куб метр бетон ислеп шығарыў, 539 мың дана шлакоблок, 570 мың дана пеноблок, 50 мың куб метр қамыстан қурылыс материалларын (панел) ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў, 500 метр квадрат қамыстан ший тоқыў, 1250 тонна цемент ислеп шығарыў белгиленген.

Бүгинги күнде республикамызда, жәми 590 ға шамалас қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын кәрханалар жумыс ислемекте.

– Жеримиз қурылыс материалларын көплеп ислеп шығарыўға мүмкиншилик беретуғын тәбийғый шийки зат қорларына оғада бай,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң орынбасары  Н.Қазақбаев. – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети (геология комитети) тәрепинен анықланған мағлыўматларға қарағанда, халықтың жан басына есаплағанда, анықланған минерал шийки зат ресурслары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан аймақларының ишинде бесинши орында турады екен.

Республикамыз қурылыс материаллары санаатын раўажландырыў бойынша үлкен мүмкиншиликлерге ийе. Себеби, геология комитети тәрепинен анықланған мағлыўматларға қарағанда хожалық жүргизиўши субъектлерге қазып алыў, қайта ислеў жумыслары ушын оператив басқарыў ҳәм пайдаланыўға еле берилмеген, геология комитетиниң балансында турған 5,2 мың м3 (100%) дала шпаты ҳәм волластонит, 20,8 миллион тонна (92,9%) тальк ҳәм тальк тасы, 169,5 мың тонна (8,2%) вермикулит, 408,4 миллион тонна (74,2%) минерал дуз, 209,6 тонна (100%) родонит, 1,3 мың м3 (100%) лиственит, 31,4 миллион м3 (100%) керамзит шийки заты, 5,4 миллион м3 (87,1%) тәбийғый пардозлаў тасы ҳәм басқа да қурылыс тасы, гипс, ангидрит, цемент шийки заты, ҳәк тас сыяқлы бир қанша қорлар бар.

Республикамызда ислеп турған қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы кәрханалар тәрепинен 6 ай даўамында, жәми 259,7 миллиард сумлық қурылыс материаллары ислеп шығарылып, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда өсим пәти 104,2 процентти қурады. Жәми санааттағы үлеси 2,9 процент болды.

Атап айтқанда, Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» ЖШЖ да 71,7 миллиард сумлық 143,7 мың тонна, Нөкис қаласындағы «Титан цемент» ЖШЖ да 46,5 миллиард сумлық 89,6 мың тонна цемент өнимлери ислеп шығарылды.

Кәрханаларда қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша жаңа технологияларды енгизиў, экспортқа мөлшерленген өнимлерди ислеп шығарыўды түп-тийкарынан раўажландырыў бойынша республикамызда жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм барларын модернизациялаў режелестирилген. Соның ишинде, январь-июнь айларында, баҳасы 23,6 миллиард сумлық қаржылар өзлестирилип, 21 жойбар иске түсирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги