Илажда Бас Ассамблеяның баслығы Абдулла Шаҳид, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Бас хаткердиң биринши орынбасары Амина Муҳаммед, YUNEP атқарыўшы директоры Ингер Андерсен, БМШ қәнигелестирилген системаларында хызмет етиўши басқа да жоқары мәртебели ўәкиллер, ағза мәмлекетлердиң делегациялары, жаслар шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң белсендилери қатнасты.

Дебат даўамында қатнасыўшылар, ҳаўа райының өзгериўи, био ҳәр түрлиликтиң жоғалыўы, жерлердиң деградациясы, ҳаўаның патасланыўы, сондай-ақ, иррационал ҳәм өндиристиң өз-ара байланыслы басымларға қарсы нәтийжели гүреси ҳаққында пикир алысты.

Бас хаткер Антониу Гуттериш қатнасыўшыларға жоллаған видеомүрәжатинде қоршаған орталықтың жағдайы тез төменлеп баратырғаны, өсимликлер ҳәм ҳайўанлардың миллионлаған түрлери жоқ болып кетиў жағдайында турғанын атап өтти. Ол усы шығынлардың тийкарғы себеби сыпатында глобал азық-аўқат системасын көрсетти. «Жер шарының төрттен үш бөлими ҳәм океанның үштен еки бөлеги инсан ҳәрекетиниң унамсыз тәсирине ушыраған. Жердиң эрозияға ушыраўы планетадағы 3,2 млрд адамның аўҳалында өз көринисин таппақта» деди БМШ бас хаткери. Оның пикиринше, тәбиятқа мүнәсибетти өзгертиў ҳәм қурғақ ўәделерден қашыў керек.

Өзбекстанның БМШтағы ўәкили, елши Бахтыяр Ибрагимов мәмлекетимизде экологиялық азадалықты тәмийнлеў, био ҳәртүрлиликти ҳәм ҳаўа райының өзгериўине қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

2030-жылға шекемги дәўирде қоршаған орталықты сақлаў Концепциясының мазмун-мәниси түсинтирилди. Өзбекстанның 2021-жылдың май айында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы менен қоллап-қуўатланған Аралбойында экологиялық ҳәм технологиялық инновациялар зонасын шөлкемлестириў басламасын әмелге асырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери анықланды.

Қалалардың жасыл майданларын 8 проценттен 30 процентке жеткериў мақсетинде бес жыл даўамында 1 миллиард терек егиў бойынша «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыўдың барысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул кең көлемли бағдарлама мәмлекетимиздиң Париж келисиўи бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға салмақлы үлес қосып, ҳаўа ҳәм жердиң сапасын жақсылаўға хызмет етип атырғаны айрықша атып өтилди. 2021-жылдың август айынан баслап «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде республика бойынша 213 миллионға шамалас нәл ҳәм тереклердиң егилгени анықланған.

Өзбекстанның климат ақыбетлерин шешиў бойынша комплексли ҳәм избе-из қатнасып және де хошаметлеў ҳәм экологиялық ўазыйпаларды шешиўде халықаралық шериклер ҳәм БМШ менен байланысларды тереңлестириўге садықлығы тастыйықланды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги