Президентимиздиң 2020-жыл 8-июнь күнги «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды әпиўайыластырылған тәртипте дизимнен өткериў бойынша,  пуқараларға қолайлықлар,  кең мүмкиншилик ҳәм жеңилликлер жаратылмақта.

Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар – мийнет дәраматын алыўға бағдарланған физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў, жумысларды орынлаў бойынша жеке мийнети менен қатнасыўға тийкарланған жумысты еркин түрде әмелге асыратуғын, жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимге алынбаған ҳәм өз жумысында жалланба жумысшылар мийнетинен пайдаланбайтуғын физикалық тәреплер мийнет стажын есапқа алыў ҳәм хошаметлеўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықына ийе болған пуқаралар есапланады.

– Өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды әпиўайыластырылған тәртипте дизимге алыў имканияты жаратылып, мобиль қосымша арқалы бүгинги күнде 53508 пуқара дизимге алынды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының Физикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминиң баслығы М.Бердиев. – Республикамызда соңғы еки жылда өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың саны 53 мыңнан асты.

Атап айтқанда, өткен жылы 26 мың 694 пуқара усы бағдарда дизимге алынды.

Соннан, социаллық бағдарлар бойынша 3073, санаат тараўы бойынша хызметлерде 2907, аўыл хожалығы бойынша 6598, информация ҳәм коммуникация тараўларында 667, халыққа турмыслық хызметлер көрсетиўде 6772 ҳәм тутыныў буйымларын ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў жумысларының түрлери бойынша 2807 пуқара дизимге алынып, бәнтлиги тәмийинленди.

Районлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, усы күнге шекем Нөкис қаласында 5882, Әмиўдәрья районында 5198,  Беруний районында 5125,  Бозатаў районында 520,  Кегейли районында 1751, Қоңырат районында 1829,  Қанлыкөл районында 1298,  Мойнақ районында 915,  Нөкис районында 1645,  Тахтакөпир районында 1145,  Төрткул районында 5601,  Хожели районында 3103,  Шымбай районында 2896,  Шоманай районында 1169,  Елликқала районында 5387,  Қараөзек районында 1112,  Тақыятас районында 1182 пуқара өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар сыпатында дизимге алынды.

Салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен алып барылған түсиндириў жумысларының нәтийжесинде ең шетки аймақларда жумыс ислеп атырған шаштәрез,  етикши,  нанбайшы,  темирши, өнерментшилик, зергерлик, ағаш устасы,  тигиўши сыяқлы 60 тан аcлам жумыс түри менен шуғылланып киятырған пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленбекте.

Өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға банклерден бәнтликке көмеклесиў фондлары есабынан жеңиллетилген микрокредитлер ажыратылады. Ең әҳмийетлиси, өзин-өзи бәнт етип атырған, қолында кәсип-өнери бар адамларға мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде олар дәрамат салығынан азат етилген.

Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын нәзерде тутылған жумыс түрлери менен шуғылланыўшы, қатнасыўшылары саны кеминде 3 пуқара болған шаңарақлық кәрханалар айланыстан алынатуғын салықты белгиленген муғдардан 50 процентке азайтылған ставкада төлейди.

Әлбетте, бул қарар пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўде, бул тараўда жаңа механизмлерди әмелде енгизиўге әҳмийетли орын тутады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.