2021-жылдың жуўмағы менен республикамызда 1419 МШБШ болып, соннан 434 и мәмлекетлик, екеўи шөлкемге қараслы, 82 сы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, 9 и жеке меншик ҳәм 892 си шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып барып, 3-7 жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў көрсеткиши жыл жуўмағы менен 75 процентке жеткерилип, қамтып алыў 6,2 процентке арттырылған.

– Усы жылдың июль айы жағдайына республикамызда 1530 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып, соннан 434 и мәмлекетлик, екеўи шөлкемге қараслы, 86 сы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы, 11 и жеке меншик ҳәм 997 си шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып табылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы З.Ережепова. – Балалар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қанша көп қамтып алынса, мектепте оқыўға таяр балалардың саны да артады.

Республикамыз бойынша 3-7 жастағы балалар саны 153464 ке жеткен. Соннан, 119769 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған болып, қамтып алыў көрсеткиши 78 процентти қурайды.

Мектепке шекемги билимлендириўге балаларды қамтып алыў мәмлекетлик, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жаңадан қурылыўы, реконструкцияланыўы есабынан қосымша орынлардың жаратылыўы, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң филиалларына ҳәм бос турған имаратларға айрықша юридикалық статустың берилгенлиги, шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, мектепке шекемги жастағы балалардың саны аз болған ең шетки аўылларға мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түрлериниң алып кирилгенлиги есабынан әмелге асырылды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 9-марттағы «Балаларды баслаўыш билимлендириўге мәжбүрий бир жыллық таярлаў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып 6 жастағы балалар ушын бийпул мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириўде елатлы пунктлердиң талапларын анықлаў ҳәм дизимлерин қәлиплестириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы қарар тийкарында республикамыз бойынша мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң бос турған бөлмелеринен, мектепке шекемги билимлендириў системасындағы педагогикалық колледжлердиң базасында ҳәм мектеплердиң бос турған бөлмелеринде, жәми 259 бийпул мәжбүрий мектепке шекемги таярлаў топарлары шөлкемлестирилип, оларға 6881 бала қамтып алынды.

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен, усы топарларға жәми 8 атамадағы 2 миллиард 732 миллион 172 мың 900 сумлық мебель үскенелери ҳәм 8 атамадағы 72 миллион 492 мың 795 сумлық оқыў қураллары жеткерип берилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 18-сентябрьдеги «Мобиль топарлар базасында мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў бойынша тәжирийбе-сынақ жойбарын әмелге асырыў ҳаққында»ғы  ҳәм 2021-жыл 3-августтағы «Мобиль топарлар базасында мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына муўапық, Елликқала, Кегейли, Беруний, Төрткүл, Шоманай районларында, жәми 28 топар шөлкемлестирилип, оларға 394 бала қамтып алынды.

Ҳәзирги ўақытта балаларды бақшаларға қамтыўды арттырыў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.