Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-июль  күнги «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, быйыл Қурбан ҳайытының биринши күни 9-июль – шемби күнине туўра келиўи ҳаққында Өзбекстан мусылманлары уйымы Уламалар кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарды есапқа алып, елимизде 2022-жыл 9-июль күни Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленеди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент  қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитети, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги және жәмийетлик шөлкемлер менен  биргеликте Қурбан ҳайыты халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сәйкес түрде өткерилиўи ушын тийисли илажлар әмелге асырылады.

Халқымыздың ески ҳәм бийтәкирар байрамларынан бири болған мүбәрек Қурбан ҳайытының мазмун-мәнисинде жәмленген адамгершилик, жақсылық, шүкиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт сыяқлы дәстүр ҳәм қәдириятларды қәстерлеп сақлаў және кеңнен үгит-нәсиятлаў, усы уллы байрамды елимизде мүнәсип белгилеў мақсетке муўапық.

Бирақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-июль күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдай енгизиў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, халқымыздың тынышлығын, жәмийетлик тәртипти сақлаў мақсетинде байрамды үйде, шаңарақ ағзаларыңыз бенен белгилеўди усыныс етемиз.

Байрам мүнәсибети менен елимиздеги барлық мусылманларды қызғын қутлықлап, елимиздиң абаданлығы, раўажланыўы, тынышлығы мәңги даўам етиўине тилеклеспиз.

А.Джолаўшиев,

Нөкис қаласы Имам ийшан Муҳаммад жомъе мешити имамы орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.