Бүгинги күнде мәмлекетлик салық хызмети шөлкемлери тәрепинен 20 интерактив ҳәм 25 мәлимлеме хызметлери көрсетилип келинбекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 22-сентябрьдеги 595-санлы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, мәмлекетлик салық комитети тәрепинен “E ijara”, “E imtiyoz”, “E aktiv” ҳәм басқа да бир қатар автоматластырылған программалар ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилди.

– Атап айтқанда, “E ijara” программасы арқалы ҳәзирги күнде барлық көшпес мүлк ижара шәртнамалары аралықтан турып, жәми 6953 ижара шәртнамалары электрон тәризде мәмлекетлик салық хызметлери уйымларында дизимнен өтти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы бөлим баслығы К.Нарымбетов. – Соннан, 1200 и юридикалық, 361 и юридикалық ҳәм физикалық, 1775 и физикалық ҳәм юридикалық, 3617 си физикалық тәреплер арасында дүзилген.

“E imtiyoz” программасы арқалы быйылғы жылдан баслап салық жеңилликлери бойынша мағлыўматлар базасын жаратыў, ҳәр бир салық жеңиллиги ушын уникал код (ID) бериў ҳәм мағлыўматларды салық төлеўшиниң жеке кабинетине жеткериў жумыслары әмелге асырылмақта.

“E aktiv” программасы тийкарынан жасырын экономиканың алдын алыў, салық төлеўшилерге товарлар кирис-шығысларының электрон есабын алып барыў, қалдығын қадағалаў мүмкиншилигин береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.